Ташкентте 29-ноябрь күни Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы болып өтти.

Орайлық Азия халықларын көп әсирлик туўысқанлық байланыслары, тутас тарийх, мәнаўий ҳәм мәдений қәдириятлар, уқсас тил ҳәм менталитет бирлестирип турады.

Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан бир қолдың бес бармағындай ҳәмийше бир-бирине сүйенген, бир-бирин қоллаған десек орынлы болады. Улыўмалық тарийхый мийрасқа ийе халықларымыздың турақлы раўажланыўы ҳәм абадан келешегин бир-биринен айырып көз алдымызға келтире алмаймыз.

Сонлықтан, Президентимиз Ш.Мирзиёев сайлаўалды бағдарламасында сыртқы сиясатты әмелге асырыўда барлық мәмлекетлер, биринши гезекте қоңсы мәмлекетлер менен дослық қатнасықлары ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де беккемлеўге айрықша әҳмийет қаратқан еди.

Бул мақсетлер 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында өз сәўлелениўин тапты. Терең ойланған, өз-ара пайдалы ҳәм әмелий сыртқы сиясатты жүргизиў Өзбекстанның әтирапында қәўипсизлик, турақлылық ҳәм жақсы қоңсышылық орталығын беккемлеў, мәмлекетлик шегараларды делимитациялаў ҳәм демаркациялаўды шешиў сыяқлы мәселелер тийкарғы бағдарлар етип белгиленди.

Өткен қысқа ўақытта бул бойынша тарийхый қәдемлер қойылды. Шегарадан өтиў, суўдан пайдаланыў сыяқлы өткир машқалалар шешилди. Шегаралар ашылды, өз-ара барды-келди көбейди.

Президентимиз дәслепки мәмлекетлик сапарларын қоңсы мәмлекетлерге әмелге асырды. Түркменстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан менен стратегиялық шериклик қатнасықлары орнатылды. Қазақстан менен стратегиялық шерикликти және де тереңлестириў бойынша әҳмийетли ҳүжжетлерге қол қойылды. Орайлық Азияның барлық еллери менен улыўма шегараға ийе Өзбекстанның бул ҳәрекетлери пүткил региондағы орталыққа унамлы тәсир көрсетти.

Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы әне усындай жақсы қоңсышылық орталығы, халықлар арасындағы дослықты және де беккемлеўге қаратылған ийгиликли баслама болды.

Усы әнжуман тарийхына нәзер салсақ, Президентимиз Ш.Мирзиёев бул ҳаққында биринши мәрте Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң минберинен турып айтқан еди. 2017-жыл сентябрь айында болып өткен БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде мәмлекетимиз басшысы «Орайлық Азияның дәл ортасында жайласқан Өзбекстан усы регион турақлылық, избе-из раўажланыў ҳәм жақсы қоңсышылық аймағына айланыўдан тиккелей мәпдар. Тыныш, экономикалық жақтан раўажланған Орайлық Азия ­ биз умтылатуғын ең әҳмийетли мақсет ҳәм тийкарғы ўазыйпа. Өзбекстан өз-ара қарым-қатнас, әмелий бирге ислесиў ҳәм жақсы қоңсышылықты беккемлеўдиң исенимли тәрепдары» деп атап өтти.

Сол жылы ноябрь айында Самарқандта БМШ қәўендерлигинде өткерилген «Орайлық Азия бирдей тарийх ҳәм улыўма келешек, турақлы раўажланыў ҳәм прогресс жолы, бирге ислесиў» темасындағы халықаралық әнжуманда Президентимиз Орайлық Азияға тийисли актуаль мәселелер бойынша регион мәмлекетлериниң ҳәрекетлерин бирлестириў, бул ушын Орайлық Азия мәмлекетлери халықларының мәсләҳәт ушырасыўларын турақлы жолға қойыўды усыныс етти.

Бул басламаны региондағы барлық мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер қоллап-қуўатлады.  Елбасы Нурсутан Назарбаевтың усынысына муўапық биринши мәсләҳәт ушырасыўы 2018-жылы 15-мартта Қазақстанда болып өтти. Онда регион мәмлекетлери арасында сиясий, саўда-экономикалық ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыўды, терроризм, диний экстремизм, нәшебентлик затлар ҳәм қурал-жарақ контрабандасына қарсы биргеликте гүресиў, Орайлық Азияда қәўипсизлик ҳәм турақлылықты беккемлеў мәселелери додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы усынысының иске асыўы сыпатында 2018-жылы 22-июнь күни БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен Орайлық Азия бойынша арнаўлы резолюцияның қабыл етилиўи регионлар аралық бирге ислесиўди раўажландырыўға беккем тийкар жарататуғын және бир тарийхый ўақыя болды.

Президентимиздиң басламасы менен Өзбекстанның сыртқы сиясатында «Орайлық Азия ­ бас бирлемши бағдар» принципи әмелде иске асырыла баслады. Барлық қоңсыларымыз бенен дослық ҳәм өз-ара исеним руўхында қатнасықларды және де беккемлеў тийкарғы ўазыйпалардың бирине айланды.

Қазақстан Өзбекстанның тийкарғы саўда шериклеринен саналады. 20l8-жылда еки мәмлекет арасындағы товар алмасыў көлеми 50 процентке өсип, 3 млрд. доллардан асқан. Быйылғы жылдың январь-октябрь айларында бул көрсеткиш 2,9 млрд. долларды қурады.

Еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлер аралық комиссия нәтийжели жумыс алып бармақта. Елимизде Қазақстанның қатнасында 766, Қазақстанда болса Өзбекстан резидентлери қатнасында дерлик 200 кәрхана ашылған. Автомобиль ҳәм темир жоллары арқалы жүк тасыў көлеми де өскен. Мәмлекетлеримиздиң үлкен қалалары арасында автобус ҳәм самолётлар қатнаўы жолға қойылған.

Қырғызстан менен байланыслар да кеңеймекте. Соның ишинде, 2018-жылда еки тәреплеме товар алмасыў көлеми 481 млн. доллардан асқан болса, усы жылдың январь-октябрь айларында кескин өсип, 703 млн. долларға жеткен.

Еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлер аралық комиссия ислемекте. Өзбекстанда Қырғызстан ўәкиллериниң қатнасында 150, Қырғызстанда болса журтымыз капиталының қатнасында 51 кәрхана ашылған. Аймақлар аралық байланыслар, санаат кооперациясы да избе-из раўажланбақта.

Кейинги жыллары Тәжикстан менен бирге ислесиў де жеделлести. Мәселен, 2018-жылда мәмлекетлеримиз арасында өз-ара саўда көлеми 389 млн. доллардан асқан болса, быйылғы жылдың январь-октябрь айларында бул көрсеткиш дерлик 30 процент өсип, 408 млн. долларға жеткен.

Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлер аралық комиссия дүзилген. Еки мәмлекетте өз-ара бирге ислесиўге дүзилген онлап кәрханалар ислеп тур. Мәдений-гуманитарлық ҳәм туризм тараўында байланыслар да кеңеймекте.

Орайлық Азия мәмлекетлери басшылары саммитиниң тийкарғы ўақыялары 29-ноябрь күни Көксарай резиденциясында болды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев дәслеп саммит мийманлары менен ушырасыўлар өткерди.

Қазақстан Республикасының Биринши Президенти ­ Елбасы Нурсултан Назарбаев пенен ушырасыў барысында елимиз басшысы жоқары мәртебели мийманды қызғын қутлықлап, оған Өзбекстанның регион мәмлекетлери жетекшилери ушырасыўларын өткериў усынысын қоллап-қуўатлағаны ушын және бир мәрте миннетдаршылық билдирди.

Биргеликтеги ҳәрекетлер себепли соңғы жылларда Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы дәстүрий жақын қатнасықлар сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди, анық әмелий мазмун менен байыды.

Елбасы Нурсултан Назарбаев, өз гезегинде, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен ең дәслеп 2018-жылы Нур-Султан қаласында өткен Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының  мәсләҳәт ушырасыўлары регионда көп тәреплеме бирге ислесиўди және де беккемлеўге хызмет етип атырғаны ҳәм шерикликтиң әмелий жойбарларын ислеп шығыў ушын нәтийжели майдан ўазыйпасын атқарып атырғанын атап өтти.

Ушырасыўда еки тәреплеме қатнасықларға байланыслы, сондай-ақ, глобал ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуаль мәселелер бойынша пикир алысылды.

Қырғызстан Республикасы Президенти Сооронбай Жээнбеков пенен ушырасыўда мәмлекет басшылары Өзбекстан менен Қырғызстан арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықлары үзликсиз беккемленип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Түрли дәрежелердеги байланыслардың жеделлескени, товар алмастырыў артып атырғаны, гуманитар алмасыўлар жеделлескени айрықша атап өтилди.

Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуаль мәселелер бойынша да пикир алысылды. Тәреплер Орайлық Азия мәмлекет басшыларының Ташкенттеги Мәсләҳәт ушырасыўы регион мәмлекетлери арасындағы байланысларды және де жеделлестириў ҳәм дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў қатнасықларын беккемлеўге салмақлы үлес қосатуғынына исеним билдирди.

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен болған сөйлесиўде стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилген көп қырлы Өзбекстан­Тәжикстан бирге ислесиўи раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Бирге ислесиўдеги ҳәрекетлер нәтийжесинде бүгин саўда-экономикалық қатнасықлар жедел раўажланбақта. Өз-ара саўда көлеми артпақта, түрли тармақлардағы кооперация күшеймекте, мәдений-гуманитарлық алмасыўлар кеңеймекте.

Ушырасыўда туўысқан мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары додаланды, сондай-ақ, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке тийисли актуаль мәселелер көрип шығылды.

Мәмлекет басшылары Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў бойынша умтылыслары исенимли екенлиги атап өтилди.

Түркменстан Президенти Гурбангулы Бердимуҳамедов пенен ушырасыўда тәреплер мәмлекетлеримиз бирге ислесиўиниң актуаль мәселелери ҳәм оларды кеңейтиў режелерин додалады. Мәмлекет басшылары, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысты.

Буннан соң Орайлық Азия мәмлекет басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы басланды.

Сүўретке түсиў мәресиминен соң делегациялар басшыларының тар шеңбердеги ушырасыўы болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Қазақстан Республикасының Биринши Президенти ­ Елбасы Нурсултан Назарбаев, Қырғызстан Республикасы Президенти Сооронбай Жээнбеков, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Гурбангулы Бердимуҳамедов қатнасты.

Саммитте Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

Мәмлекетимиз басшысы мәжилис қатнасыўшыларын қызғын қутлықлап, бул ушырасыў турмыс талабы, тәреплердиң дослық ҳәм жақсы қоңсышылықты беккемлеў, бирге ислесиўди кеңейтиўге умтылыўының көриниси екенин атап өтти.

Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының сиясий ер-ықрары ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлери нәтийжесинде соңғы жылларда көплеп қурамалы мәселелерге шешим табылды. Бул унамлы өзгерислер халықларымыз тәрепинен қоллап-қуўатланды ҳәм пүткил дүньяда жоқары баҳаланды.

Соның менен бирге, тез өзгерип атырған дүньяда жаңадан-жаңа мәселелер күн тәртибине шықпақта. Регионаллық қәўипсизликке қәўиплер, турақлы раўажланыўға кесент етиўши факторлар пайда болмақта. Бул өз-ара исенимге тийкарланған бирге ислесиўди беккемлеўди, ҳәрекетлерди муўапықластырыўды талап етпекте.

Жетекшилердиң бул ушырасыўы жоқары дәрежедеги регионаллық қарым-қатнасты сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығады.

­ Жаратқанның инаяты менен биз қоңсылармыз. Халықларымыздың тарийхы ҳәм тәғдири, келешеги  тығыз байланыслы. Бул болса, регионымызды бирлестириўши үлкен күш, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы Орайлық Азияда көп тәреплеме бирге ислесиў бойынша бирден-бир көзқарасқа келисиў зәрүрлигин атап өтип, оның тийкарғы бағдарлары ҳаққында өз пикирлерин билдирди, бир қатар әҳмийетли усынысларды ортаға таслады.

Бул, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды раўажландырыў. Үлкен базарға ийе, тәбийғый шийки зат ҳәм инсан ресурслары салмақлы болған регионымыздың бәсекиге шыдамлы үстинликлерин имканы болғанынша толық иске салыў тийис. Қосымша қун шынжырын қәлиплестириў, регион ишинде саўданы кеңейтиў, жумыс орынларын жаратыў мақсетинде экономиканың түрли тармақларында жаңа имканиятларды анықлаў ҳәм кооперация жойбарларын әмелге асырыў лазым.

Өзбекстан аўыл хожалығы машина қурылысы, автомобиль қурылысы, электротехника, тоқымашылық санааты, аграр тармақта белсене бирге ислесиўге таяр екени билдирилди.

Екинши әҳмийетли бағдар ­ регионның транспорт жағынан өз-ара байланыслылығын беккемлеў ҳәм транзит потенциалын жүзеге шығарыў.

Орайлық Азияның транспорт системасы жаратылып атырған заманагөй логистика инфраструктурасынан пайдаланған ҳалда регион ишинде үзликсиз коммуникацияны тәмийинлеўи, сондай-ақ, күн сайын артып атырған транзит ағымларына нәтийжели хызмет етиўи зәрүрлиги атап өтилди.

Үшиншиден, регионымыздың узақ мүддетли мәплерин есапқа алған ҳалда, энергетика тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүрлиги, Өзбекстан қайта тиклениўши энергия дереклериниң үлесин асырыў, заманагөй энергетика инфраструктурасын жаратыў бағдарындағы қоспа жойбарларды әмелге асырыўға таяр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетлеримиздиң үлкен туризм потенциалын әмелге асырыў және бир перспективалы бағдар болып есапланады. Мәмлекетимиз басшысы буның ушын Орайлық Азияның жеке, көпшилик таныйтуғын туризм бренди, регион ушын ортақ болған шырайлы туризм өнимлерин қәлиплестириў зәрүрлигине итибар қаратты.

Шавкат Мирзиёев суўдан пайдаланыў бойынша машқалаларды шешиўге тийисли өз-ара келисилген қатнасларды ислеп шығыўды усыныс етти, Аўғанстанда тынышлық, миллий келисим ҳәм экономикалық тиклениўге ерисиўге көмеклесиў жолында регион мәмлекетлериниң ҳәрекетлерин муўапықластырыў әҳмийетли екенин атап өтти.

Орайлық Азия мәмлекетлери делегацияларының кеңейтилген қурамдағы келисимлеринде қәўипсизликти беккемлеў, мәмлекетлеримиз арасындағы саўда тосқынлықларын сапластырыў, регионның үлкен экономикалық потенциалынан пайдаланған ҳалда санаат кооперациясын және де күшейтиў, энергетика инфраструктураларын модернизациялаў ҳәм аймақтың транзит имканиятларын кеңейтиўге қаратылған ири жойбарларды жүзеге шығарыў мәселелери көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев екинши Мәсләҳәт ушырасыўының өткерилиўи мәплердиң өз-ара бирдейлиги, мәмлекетлеримиз регионаллық раўажланыўдың ең әҳмийетли мәселелери бойынша ашық-айдын сөйлесиў ҳәм биргеликте қарарлар қабыл етиўге таяр екенлигин және бир мәрте айқын тастыйықлайтуғынын атап өтти.

Ушырасыўда тәреплер аймақлар дәрежесинде жедел алмасыўлар ҳәм пикирлесиўди қоллап-қуўатлаў, илим, туризм, мәденият ҳәм спорт тараўларында қоспа илажларды турақлы өткериўге келисип алды.

Орайлық Азия әсирлер даўамында туўысқан халықлар тыныш ҳәм татыў жасап киятырған дүньядағы аз санлы регионлардан бири.

Саммитте регион мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы форматындағы ҳәр жылғы саммитлер усы жағынан оғада әҳмийетли екени атап өтилди. Соны да айрықша атап өтиў керек, Орайлық Азия мәмлекетлери бүгинги күнге келип жоқары дәрежедеги регионаллық қарым-қатнасты раўажландырыўдың сапа жағынан айрықша жаңа басқышына көтерилди.

Саммит жуўмағында Биргеликтеги билдириў қабыл етилди ҳәм де Мәсләҳәт ушырасыўларына таярлық көриў ҳәм оны өткериў регламенти мақулланды.

Түркменстан Президентиниң усынысына бола мәмлекет басшылары Қазақстанның Биринши Президенти  ­ Елбасы Нурсултан Назарбаевты  Орайлық Азия мәмлекетлери басшылары Мәсләҳәт ушырасыўының Ҳүрметли баслығы етип бир аўыздан сайлады.

Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўы келеси жылы Қырғызстанда өткериледи.

Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын брифингте Президентимиз Шавкат Мирзиёев келисимлер дәстүрий дослық ҳәм өз-ара түсинисиў руўхында өткени, мәмлекет басшыларының регионда исеним ҳәм жақсы қоңсышылық орталығын және де беккемлеўге болған умтылысы ҳәм беккем сиясий ерк-ықрарының айқын көриниси болғанын атап өтти.

Нәтийжели келисимлерден соң Орайлық Азия мәмлекетлери басшылары Көксарай резиденциясындағы Ҳүрметли мийманлар қыябанына нәллер отырғызды. Бул дарақлар Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстанның беккем дослығы ҳәм бирге ислесиўиниң символы сыпатында бирге қатар өседи.

Күнниң екинши ярымында мәмлекет басшылары Ислам Кәримов атындағы илимий-ағартыўшылық естелик комплексине барды. Өзбекстан Республикасының Биринши Президентиниң естелиги алдына гүл шеңберлерин қойды ҳәм оның жарқын естелигине ҳүрмет көрсетти.

Соның менен Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы жуўмағына жетти.

Матназар ЭЛМУРАДОВ,

ӨзАның хабаршысы