USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 16 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ ШАВКАТ МИРЗИЁЕВТИҢ ОРАЙЛЫҚ АЗИЯ МӘМЛЕКЕТЛЕРИ БАСШЫЛАРЫНЫҢ МӘСЛӘҲӘТ УШЫРАСЫЎЫ ЖУЎМАҚЛАРЫ БОЙЫНША БРИФИНГТЕГИ БИЛДИРИЎИ

Ҳүрметли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бәринен бурын, сизлерди, бүгин Ташкент қаласында өткерилип атырған тарийхый әнжуманды – Орайлық Азия мәмлекетлери  басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўын жарытыў мақсетинде жыйналған ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин қызғын қутлықлаўдан қуўанышлыман.

Бул форматтағы турақлы сөйлесиўлерди өткериў басламасы ҳүрметли кәсиплеслерим – регион жетекшилериниң белсене қоллап-қуўатлаўы менен әмелге аспақта.

Усы мүнәсибет пенен 1998-жылы Ашхабад қаласында болып  өткен Орайлық Азия мәмлекетлери басшылары саммитиниң тарийхый әҳмийетин және 2018-жылы Нур-Султан қаласындағы Мәсләҳәт ушырасыўының нәтийжели табысларын айрықша атап өтпекшимен.

Бүгинги шын жүректен сөйлесиўлеримиз де дәстүрий дослық ҳәм өз-ара түсинисиў руўхында өтти.

Ушырасыўлар Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының регионда исеним ҳәм жақсы қоңсышылық орталығын және де беккемлеўге болған умтылысы ҳәм исенимли сиясий ерк-ықрараның айқын көриниси болды.

Биз өз-ара бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин ҳәр тәреплеме додаладық. Мәмлекетлеримиз арасындағы байланысларды ҳәр тәреплеме кеңейтиў жолында толық пикирлес екенимизди және бир рет тастыйықладық.

Ушырасыў әҳмийетли регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша бизиң көзқарас ҳәм қатнасларымыз өз-ара оғада жақын екенин көрсетти.

Регионның қолда бар үлкен экономикалық потенциалынан пайдаланған ҳалда, тийкарғы тараўларда сөйлесиўди ҳәм шерикликти раўажландырыўға келисип алдық.

Биз мәмлекетлеримиз арасындағы саўда тосықларын сапластырыў, санаат кооперациясын және де күшейтиў ушын барлық ис-ҳәрекетлерди әмелге асырамыз.

Энергетика инфраструктураларын модернизациялаў ҳәм регионның транзит имканиятларын кеңейтиўге қаратылған ири жойбарларды жүзеге шығарыў нийетиндемиз.

Экономикалық ҳәм транспорт коридорларының нәтийжели регионаллық системасын жаратыў бойынша жедел бирге ислесиўимиз буннан кейин де даўам етеди.

Суў ресурсларынан биргеликте пайдаланыў, ықлым өзгерислериниң унамсыз ақыбетлерин жумсартыў, экологиялық қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў мәселелери бойынша да ҳәр тәреплеме пикир алыстық.

Биз инновациялық технологияларды тартыў, «жасыл экономика» принциплерин енгизиў, шөлистанлықтың алдын алыў арқалы Аралбойы машқалаларын шешиўдеги ис-ҳәрекетлеримизди муўапықластырып барамыз.

Мәмлекетлеримиздиң регионлары арасында жедел сөйлесиўди қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, илим, билимлендириў, туризм, мәденият ҳәм спорт тараўларында биргеликтеги илажларды турақлы өткерип барыўға келисип алдық.

Биз Орайлық Азия халықларын бирлестирип туратуғын улыўмалық қәдриятларды ҳәм дәстүрлерди қәстерлеп сақлаў, кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша қоспа бағдарламаларды әмелге асырыўдан мәпдар екенимизди билдирдик.

Сөйлесиўлер ўақтында регионда қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў ушын көп тәреплеме бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Соның ишинде, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм арнаўлы хызметлер арасында өз-ара бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Биз Аўғанстан мәселесин тыныш жол менен шешиў бойынша халықаралық ис-ҳәрекетлерди жеделлестириў тәрепдарымыз. Қоңсылас аўған халқына әмелий жәрдем көрсетиўди, жан қоңсымыз болған бул елде тиккелей олардың қатнасыўында қоспа инфраструктура жобарларын ҳәм регионаллық басламаларды алға қойыўды буннан кейин де жедел даўам еттиремиз.

Бул илажлар Аўғанстандағы жағдайды турақластырыў, тынышлық процесслерин тәмийинлеў, экономиканы қайта тиклеў ушын зәрүр шараятлар жарататуғынына исенемиз.

Регионымыз мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы форматындағы ҳәр жылы өткерилетуғын саммитлер оғада әҳмийетли екенин бәршемиз исенимли түрде мақулладық.

Ушырасыўларымыз бирге ислесиўимиздиң ең әҳмийетли мәселелерин ашық-айдынлық ҳәм өз-ара исеним тийкарында додалаў ушын нәтийжели сөйлесиў майданы болатуғынын және бир мәрте тастыйықлады.

Саммит жуўмағында қатнасықларымыздың нәтийжелилигине хызмет ететуғын әҳмийетли ҳүжжетлер қабыл етилди.

Усы жерде, бәринен бурын, Биргеликтеги билдириўге тоқтап өтиўди қәлер едим. Бул ҳүжжет бизиң регионаллық бирге ислесиўимизди ҳәр тәреплеме тереңлестириў, дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў бағдарындағы улыўмалық сиясий ерк-ықрарымызды және бир мәрте тастыйықлады.

Биз Мәсләҳәт ушырасыўларына таярлық көриў ҳәм оларды өткериў Регламентин мақулладық. Бул ҳүжжет саммитлерге пуқта таярлық көриў, оларды системалы түрде өткериў, келисилген ҳәм өз-ара пайдалы қарарлар қабыл етиўге тийкар болып хызмет етеди.

Биз Түркменстан Президентиниң усынысын толық қоллап-қуўатладық ҳәм ақсақалымыз, Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Әбишевич Назарбаевты Орайлық Азия мәмлекетлери басшылары Мәсләҳәт ушырасыўының ҳүрметли баслығы етип сайладық.

Итибарыңызды әҳмийетли бир мәселеге қаратпақшыман. Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы форматы қандай да бир жаңа регионаллық шөлкем дүзиў ҳаққында сөз етиўге тийкар бола алмайды.

Ҳүрметли журналистлер!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Орайлық Азия – әсирлер даўамында туўысқан халықлар тыныш ҳәм татыў жасап киятырған дүньядағы аз санлы регионлардан бири болып есапланады.

Бизди бирдей тарийх ҳәм мәденият, бирден-бир муқаддес дин, уқсас менталитет, руўхый-әдеп-икрамлылық қәдириятлар ҳәм дәстүрлер және ажыралмас дослық тығыз байланыстырып турады.

Булардың барлығы халықларамыздың абаданлығы ҳәм раўажланыўы жолында Орайлық Азия мәмлекетлери потенциалын бирлестириўге қаратылған өз-ара пайдалы бирге ислесиўимиз ушын беккем тийкар болып хызмет етеди.

Сөзимниң жуўмағында соны айтыўды қәлер едим, биз жоқары дәрежедеги регионаллық сөйлесиўди раўажландырыўдың сапа жағынан пүткиллей жаңа басқышына көтерилдик.

Ҳеш гүмансыз, биргеликтеги умтылысларымыз бенен алдымызда турған барлық мақсетлерге әлбетте ерисемиз. Орайлық Азияны қәўипсиз ҳәм турақлы раўажланыў регионына, көп қырлы шериклик мәканына айландырамыз.

Биз гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўымызды келеси жылы Қырғызстанның гөззал Бишкек қаласында өткериўге келисип алдық.

Итибарларыңыз ушын рахмет.

 

ӨзА