Сайлаў – 2019

Елликқала районында 3-санлы сайлаў округинен Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан либерал-демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына депутатлыққа талабан Дилбаржон Шарипованың «Ақшакөл» АПЖ дағы сайлаўшылар менен ушырасыўы өткерилди.

Ушырасыўда талабанның сайлаўалды бағдарламасы туўралы мағлыўматлар берилди. Талабан тәрепинен аймақ турғынларын қыйнап киятырған машқалалар тыңланып, оларды сапластырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

– Елликқала районында ҳәзирги ўақытта қурылыс, абаданластырыў, билимлендириў, медицина, мәденият ҳәм спортты раўажландырыў, әсиресе, исбилерменлик пенен туризмди раўажландырыў жумыслары жедел алып барылып атырғанлығын атап өтиўимиз керек,-дейди талабан Д.Шарипова. – Нәтийже бар жерде, өзине жараса кемшиликлер де болады.

Ҳәзирги ўақытта районда 6 мың 133 пуқара жумыссыз болса, соның 2611и ҳаял-қызлар, 1993и жаслар болып есапланады. Олардың бәнтлигин тәмийинлеў ушын шаңарақлық исбилерменликти, жумысты үйге алып ислеўди, қыйтақ жерге дийқаншылық етиўди ҳәм жеке исбилерменликти қоллап-қуўатлаў зәрүр, деп ойлайман.

Биз барлық машқалаларды избе-из түрде шешиўимиз керек. Халық бизден разы болыўы керек.

Ушырасыўда талабанның исенимли ўәкиллери оған исеним билдирип, оны қоллап-қуўатлаўға шақырды.

Усындай ушырасыўлар районның «Бостан», «Ташкент», «Истиқлол», «Ибн Сино» пуқаралар жыйынларында да болып өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.