Мектеп ҳәм шаңарақ арасында беккем бирге ислесиўди орнатыў, оқыўшылар ҳәм ата-аналар менен нәтийжели ислесиў, психолог ҳәм педагоглардың кәсиплик-психологиялық билим ҳәм көнликпелерин арттырыўға қаратылған «Беккем шаңарақ» тренинг бағдарламасы шеңберинде «Бахытлы мектеплер» жойбарын әмелге асырыў жумыслары республикамызда  избе-из даўам еттирилмекте.

«Беккем шаңарақ» бағдарламасы биринши мәрте АҚШ ҳәм Уллы Британияда енгизилген. Соң басқа көплеген раўажланған мәмлекетлерде қолланылған. Бағдарламаны ислеп шығыў процесинде ҳәр бир мәмлекет өзиниң миллий дәстүрлери ҳәм менталитетине сай болған тәреплерине итибар қаратады. Өзбекстан да өзиниң позициясынан ҳәм халықтың мүнәсибетинен келип шығып жойбарды турмысқа енгизбекте. Жети бөлимнен ибарат бағдарламадан гөзленген тийкарғы мақсет – жаслар арасында нәшебентликтиң, ишиўшиликтиң, темеки ҳәм алкогольди пайдаланыўдың алдын алыў, ата-ана ҳәм перзент арасындағы қатнасықлардың беккемлениўине ерисиўден ибарат.

Өзбекстан көлеминде халықаралық экспертлер тәрепинен тренерлер топары таярланып, олар  таяныш мектеплерде ата-аналар ҳәм оқыўшылар ушын 7 ҳәптелик тренинг сессияларын шөлкемлестирмекте. Тренерлер топары қурамындағы 14 мектептиң 56 педагогы Ташкент қаласында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң наркотик затлар ҳәм жынаятшылық бойынша Орайлық Азиядағы ўәкилликли уйым менен биргеликте өткерилген республикалық оқыў-семинарларына қатнасып, алған тәжирийбелери негизинде жумыс алып бармақта. Ҳәр қыйлы видеоматериаллар, ойынлар арқалы жас әўлад ҳәм ата-аналардың қатнасықларында тең салмақлылыққа ерисиў тийкарғы мақсет болып табылады. Онда психологлар, педагоглар, мәҳәлле белсендилери, билимлендириў бойынша қәнигелер де қатнаспақта.

Хожели районындағы 15-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде әмелге асырылып атырған «Беккем шаңарақ» бағдарламасы шеңберинде мектеп «Happy schools» («Бахытлы мектеп») болып шөлкемлестириледи. Усы мақсетте тренерлер ҳәр ҳәптеде 10 сәтли ҳәм сәтсиз (машқалалы) шаңарақты қамтып алған ҳалда «Беккем шаңарақ – бахытлы мектеп» темасында интерактив түрде тренинг сессияларын өткерип, тәрбиясы қыйын оқыўшыларды тәртипке салыўда ата-ана менен мектептиң бирге ислесиўи жолға қойылмақта. Сондай-ақ, бағдарламаға бола, тренерлер ҳәр шемби күни өзиниң мектебинде жас педагог-оқытыўшылар ушын төрт бағдарда семинар өтип, сабақ бериў, ата-аналар менен ислесиў бағдарында билим ҳәм көнликпелерин арттырмақта.

Бүгинги глобалласыў дәўири сергекликти талап етпекте. Бундай мектеплер зорлық, жынаятшылық, зыянлы әдетлерден тыс беккем шаңарақ пенен мектептиң бирге ислесиўине тийкарланған қәўипсиз мектеплер болыўы күтилмекте.

 

М.ПИРНАЗАРОВА.

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.