Қазақстанлы исбилермен, «Forbes Kazakhstan» ҳәм «Forbes Georgia» журналларының тийкарын салыўшысы Арманжан Байтасов «Forbes Uzbekistan» журналының жумысларын баслаў нийетинде, деп жазбақта Forbes.kz.

– Компаниямыз «Forbes» журналын Өзбекстанда басып шығарыў ҳуқықын алғанын мәлим етпекшимен. Жаңа жойбарды жаратыў бәрқулла мени жаңа табысларға қарай бағдарлайды. Бундай бренд тийкарында кейинги жойбарды иске түсириў еки есе унамлы. Бул турмыслық энергия береди ҳәм қосымша унамлы қатнас жаратады, – деп айтып өткен «Forbes Kazakhstan» ҳәм «Forbes Georgia» журналларының тийкарын салыўшысы Арманжан Байтасов.

Исбилерменниң айтыўына қарағанда, «Forbes» басылымының Өзбекстанда ашылыўы оғада әҳмийетли, себеби республика бизнес жүргизиў көзқарасынан үлкен перспективаға ийе.

– Өзбекстан дүньядағы ең жедел раўажланып атырған мәмлекетлердиң бири болып, ири инвесторлар ушын оғада қолайлы шараятларға ийе. Қоңсылас мәмлекеттиң экономикасында жүз берип атырған өзгерислер, Өзбекстан ҳүкиметиниң инвесторларға жаратып берип атырған шараятлары үлкен қызығыўшылық оятпақта. Қазақстан ҳәм Өзбекстан оғада жақын мәмлекетлер. Бизлер узақ ўақыт даўамында бир мәмлекет – СССР шеңберинде өмир сүрдик. Менталитет тәрептен де биз бир-биримизди жүдә жақсы түсинемиз. Дөретиўшилик ҳәм бизнес элита, ҳәттеки, аўқамның бөлшеклениўинен кейин де байланыста болып, бир-бири менен байланысларды сақлап қалды. Булардың барлығы бизлерге Өзбекстанда медиа-жойбарды қысқа мүддетте раўажландырыў ҳәм табысқа ерисиўимиз мүмкинлиги ҳаққында тәсир оятады, – деп қосымша еткен исбилермен.

Жаңа журнал редакциясының имараты Ташкент қаласында болады. Оқыўшыларға басылымның баспа ҳәм сайт көринисиндеги версиясы усынылады. Журнал ҳәзирше тек ғана рус тилинде, сайт болса рус және өзбек тиллеринде болады.

«Forbes Uzbekistan»ның дәслепки саны 2020-жылдың март айында баспадан шығарылыўы жобаластырылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.