Усы жыл  29-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 30 жыл толыў мүнәсибети менен «Қарақалпақ тил билиминиң әҳмийетли мәселелери» темасында республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Кәримов, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, шайыр Б.Генжемуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң 30 жыллығы байрамы менен қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, тил халықтың тарийхын, мәдений мийрасын, үрп-әдет және дәстүрлерин өзинде жәмлеген бийбаҳа байлық болып есапланады. Ана тилин ҳүрмет етиў, таза сөйлеў инсан баласының ўазыйпасы, парызы болып табылады. Миллеттиң тийкарғы белгиси өзиниң айрықша тилиниң болыўы есапланады. Егер миллет өз тилинен айрылса, миллет те болмайды. Ана тили мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий, руўхый жақтан раўажланыўында әҳмийетли орын ийелейтуғын қәдириятлардан бири  болып табылады.

Сонлықтан да, ғәрезсизликтиң дәслепки жылларынан баслап қарақалпақ тилин раўажландырыўға, оны еле де байытыўға ҳәм сап ҳалында келешек әўладларға жеткериўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда энциклопедия ҳәм сөзликлерди, сабақлықлар менен оқыў-қолланбаларын баспадан шығарыў сыяқлы ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, 2016-жылы 5-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Қарақалпақ тилиниң тийкарғы имла қағыйдаларын тастыйықлаў бойынша қарары қабыл етилди. 2017-жылы Қарақалпақ тилиниң орфографиялық сөзлиги 23 баспа табақ көлеминде шығарылған болса, бүгинги күнде тағы да 30 баспа табақ көлеминде қарақалпақ тилиниң орфографиялық сөзлиги таярланды.

Илим ҳәм техника тараўында терминлерди жетилистириў мақсетинде бир қатар жумыслар әмелге асырылып, усы жылдың февраль айынан берли Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында Республикалық терминология орайы жумыс алып бармақта. Оның тийкарғы хызмети, қарақалпақ әдебий тилиниң раўажланыў бағдарын бақлап барыў, миллий терминлерди қәлиплестириў ҳәм оны сөзликлер түринде баспадан шығарыў, тилимиздиң раўажланыўына кери тәсир етип атырған қубылысларды анықлаў, бул тараўда жол қойылып атырған кемшиликлерди дүзетиў бойынша усыныслар бериў болып табылады. Бул орай тәрепинен өткен 10 айдың ишинде ҳәр қыйлы тараўлар бойынша  26 мыңға шамалас термин орайдың сайтында улыўмахалықлық додалаўға қойылды.

Қарақалпақстан  Республикасында қарақалпақ тил билиминиң әҳмийетли мәселелерин изертлеў жумысы Өзбекстан Илимлер Академиясының Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илимий-изертлеў институтының жетекши илимий хызметкерлери, Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қарақалпақ тил билими кафедраларының профессор-оқытыўшылары тәрепинен алып барылмақта. Бүгинги күнде бул мәкеме ҳәм оқыў орынларында 5 илим докторы, 40 қа шамалас илим кандидаты қарақалпақ тилиниң ең әҳмийетли мәселелери бойынша өзлериниң илимий жумысларын табыслы алып бармақта.

Усы жылдың 21-октябрь күни Президентимиз Ш.Мирзиёев Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгениниң 30 жыллығына бағышланған салтанатлы мәжилисте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанынан Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментин ашыў ҳаққында усыныс билдиргеннен соң арадан он бес күн өтип депармент жумыс баслады. Сондай-ақ, 2020-2030-жылларға Мәмлекетлик тилди раўажландырыў концепциясын ислеп шығыў мәселеси көтерилди.  Ҳақыйқатында да, бүгинги глобалласыў дәўиринде миллий өзликти аңлаў, миллеттиң айнасы болған ана тилди таза ҳалында сақлаў, қәстерлеп абайлаў әҳмийетли мәселе болып бармақта. Сол ушын республикамызда қарақалпақ тилин қолланыўды жетилистириў, қарақалпақ тилиниң сөзлик байлығын раўажландырыў, басқа тиллерден кирип келген сөзлерди тәртиплестириў, олардың өзимиздиң тилимизде бар сыңарларын қолланыў мақсетинде жумысларды еле де жетилистириў керек.

Конференцияда академик Ж.Базарбаев, профессор, филология илимлериниң докторы Ш.Абдиназимов ҳәм басқалар баянат жасап, әдебий тил нормаларының сақланыў мәселелери, бул бағдарда жол қойылып атырған қәте-кемшиликлерге ҳәм әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Сондай-ақ, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 3-курс студенти, Бердақ атындағы стипендияның ийеси З.Қалбаева, Нөкис қаласындағы 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы К.Өтебаевалар шығып сөйлеп, қарақалпақ тилиниң жәмийетимиздиги орны ҳәм әҳмийетине тоқтап өтип, қарақалпақ шайырларының  тил ҳаққындағы қосықларын оқып берди.

Қатнасыўшыларға көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы қойып берилди.

Конференция өз жумысын қарақалпақ тил билиминиң әҳмийетли мәселелерине бағышланған секция жумыслары менен даўам еттирди.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.