Усы жыл 27-ноябрь күни Мойнақ районында Өзбекстан «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен «Халықтың медициналық мәдениятын арттырыў – дәўир талабы!» сүрени астында мәдений-кеўил ашар акция шөлкемлестирилди.

Акцияның мақсети – партияның бағдарламалық идеялары менен мақсетлерин халық арасында кең түрде үгит-нәсиятлаў болып есапланады.

Онда партияның Қарақалпақстан Республикалық, районлық Кеңеслериниң хызметкерлери, партия белсендилери, депутатлар ҳәм партиядан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы және жергиликли Кеңеслерге депутатлыққа талабанлар ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Акция шеңберинде усы партиядан Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығына 7-санлы Арал сайлаў округинде талабан етип дизимге алынған Нурлыбай Қайыпбергеновтың сайлаўшылар менен ушырасыўы өткерилди.

Ушырасыўда район халқы талабанның бағдарламасында белгиленген тийкарғы бағдарлар бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Акцияда көркем өнер шеберлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

Партияның «Сапасыз ҳәм қәлбеки дәри өнимлерине қарсымыз!» сүрени астындағы усындай акция ҳәм партиядан Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығына 7-санлы Арал сайлаў округинде талабан етип дизимге алынған Нурлыбай Қайыпбергеновтың сайлаўшылар менен ушырасыўы Қоңырат районында да шөлкемлестирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.