USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 16 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының тар шеңбердеги ушырасыўы болып өтти

Ташкент қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының екинши Мәсләҳәт ушырасыўы басланды.

Саммит жумысында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев,  Қырғызстан Республикасы Президенти Сооронбай Жээнбеков, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов қатнаспақта.

Делегациялар басшыларының биргеликте сүўретке түсиў мәресими болып өтти.

Кейин мәмлекет жетекшилериниң тар шеңбердеги ушырасыўы болып өтти. Онда Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

dd22d992-5aa6-6924-43d6-f7ddd4dbb642.jpg

Мәмлекетимиз басшысы кәсиплеслерин қызғын қутлықлап, бул ушырасыў турмыслық талапты, тәреплердиң жақсы қоңсышылықты беккемлеў ҳәм шерикликти кеңейтиўге умтылысының көриниси екенин атап өтти.

Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының сиясий ерк-ықрары ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлери себепли соңғы жылларда көплеген қурамалы мәселелерге шешим табылды. Бул унамлы өзгерислер халқымыз тәрепинен қоллап-қуўатланды және пүткил дүньяда жоқары баҳаланды.

Соның менен бирге, тез өзгерип атырған дүньяда жаңадан-жаңа мәселелер күн тәртибине шықпақта. Регионаллық қәўипсизликке қәўиплер, турақлы раўажланыўға кесент ететуғын факторлар пайда болмақта. Бул өз-ара исенимге тийкарланған шерикликти беккемлеўди, ийгиликли ис-ҳәрекетлерди муўапықластырыўды талап етпекте.

Жетекшилердиң бул ушырасыўы жоқары дәрежедеги регионаллық байланысты сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығады.

d115f38b-80c3-edea-86c7-bbf455648f1d.jpg

-Жаратқанның инаяты менен биз қоңсылармыз. Халықларымыздың тарийхы ҳәм тәғдири, келешеги тығыз байланыслы. Бул болса регионымызды бирлестиретуғын үлкен күш болып есапланады,-деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы Орайлық Азияда көп тәреплеме бирге ислесиў бойынша бирден-бир көз қарасты келисиў зәрүрлигин атап өтип, оның тийкарғы бағдарлары ҳаққында өз пикирлерин билдирди, бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қойды.

33cbd8bb-b0f4-8b22-a0f2-14099556f1c4.jpg

Бул, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды раўажландырыў болып табылады. Үлкен базарға ийе, тәбийғый шийки зат ҳәм инсан ресурслары салмақлы болған регионымыздың бәсекиге шыдамлы үстинликлерин илажы болғанынша толық иске қосыў әҳмийетли болып есапланады. Қосымша қун шынжырын қәлиплестириў, регион ишиндеги саўданы кеңейтиў, жумыс орынларын жаратыў мақсетинде экономиканың түрли тармақларында жаңа имканиятларды анықлаў ҳәм кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў керек.

e4a42c47-2f27-fc8d-4f99-ad8601988c17.jpg

Өзбекстан аўыл хожалығы машина қурылысы, автомобиль қурылысы, электротехника, тоқымашылық санааты, аграр тармақта белсене бирге ислесиўге таяр екени билдирилди.

Президентимиз усы мақсетте Ташкентте Орайлық Азия мәмлекетлериниң инвестициялық форумын шөлкемлестириў, саўда-санаат палаталары басшыларының ушырасыўларын ҳәр жылы өткериўди усыныс етти.

Екинши әҳмийетли бағдар –регионның транспорт жағынан өз-ара байланыслығын беккемлеў ҳәм транзит потенциалын жүзеге шығарыў.

0c6d0056-e29e-cc32-b600-adabcfea15c6.jpg

Орайлық Азияның транспорт системасы жаратылып атырған заманагөй логистикалық инфраструктурадан пайдаланған ҳалда регион ишинде үзликсиз коммуникацияны тәмийинлеўи, сондай-ақ, барған сайын артып баратырған транзит ағымларына нәтийжели хызмет етиўи керек екенлиги атап өтилди.

Транспорт коммуникациялары бойынша регионаллық кеңестиң дүзилиўин, Орайлық Азия транспорт системасын биргеликте раўажландырыў бойынша бағдарлама ҳәм келисимниң дүзилиўин тезлетиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Үшиншиден, регионымыздың узақ мүддетли мәплерин есапқа алған ҳалда энергетика тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүрлиги, Өзбекстан қайта тикленетуғын энергия дәреклериниң үлесин арттырыў, заманагөй энергетика инфраструктурасын жаратыў бағдарындағы биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға таяр екени атап өтилди.

a09f2c6c-6121-49f9-18fe-b498b5e0620e.jpg

Мәмлекетлеримиздиң үлкен туризм потенциалын әмелге асырыў және бир перспективалы бағдар болып есапланады. Мәмлекетимиз басшысы оның ушын Орайлық Азияның бирден-бир, көпшилик таныйтуғын туризм бренди, регион ушын улыўмалық болған тартымлы туризм өнимлерин қәлиплестириў керек екенине итибар қаратты.

Усы мақсетте Президентимиз «Орайлық Азия бойлап саяхат» халықаралық туризм конференциясын өткериў усынысын билдирди.

Шавкат Мирзиёев суўдан пайдаланыў бағдарындағы машқалаларды шешиўге байланыслы өз-ара келисилген көз қарасларды ислеп шығыўды усыныс етти, Аўғанстанда тынышлық, миллий келисим ҳәм экономикалық тиклениўге ерисиўге жәрдемлесиў жолында регион мәмлекетлериниң  ийгиликли ис-ҳәрекетлерин муўапықластырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

 

ӨзА