Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының мәжилислер залында филология илимлериниң докторы, профессор Қонысбай Камаловтың 80 жыллық мерекесине арналған «Әжайып инсан, көрнекли илимпаз» атамасындағы илимий-теориялық әнжуман болып өтти.

Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм институт жәмәәти тәрепинен шөлкемлестирилген илажды институттың илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша проректоры П.Калханов ашып берди.

Әнжуманда филология илимлериниң докторы К.Алламбергенов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры К.Кәримов, «Нураный» қорының Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Ш.Уснатдинов, филология илимлериниң кандидаты, доцент Қ.Юсупов ҳәм басқа да бир қатар илимпазлар, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, алымның туўған-туўысқанлары сөзге шығып, илимпаз ҳәм жазыўшы Қонысбай Камаловтың өмири ҳәм дөретиўшилиги, әдебияттаныў илимине қосқан үлеси ҳәм орны ҳаққында баянатлар жасады.

Филология илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери, Өзбекстанға мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери Қонысбай Камалов 1939-жылы 5-декабрьде Шымбай районында дүньяға келген.

1965-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының тарийх-филология факультетин айрықша баҳалар менен питкерип, усы институттың қарақалпақ әдебияты кафедрасында оқытыўшы сыпатында жумыс ислей баслады. 1968-жылы М.В.Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университетиниң миллий әдебиятлар кафедрасының аспирантурасын питкерди. 1973-1980-жылларда Қ.Камалов Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының органы «Әмиўдәрья» журналында әдебий-көркем критика бөлиминиң баслығы, жуўаплы хаткер, бас редактор орынбасары лаўазымларында иследи.

1980-1990-жыллар аралығында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде өзиниң илимий-педагогикалық хызметин даўам еттирди. 1990-жылдан өмириниң ақырына шекем Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультетиниң деканы, қарақалпақ әдебияты кафедрасының баслығы лаўазымларында жемисли мийнет етти.

Сөзге шыққанлар қарақалпақ әдебияты тарийхында ҳәм илимпаз, ҳәм жазыўшы сыпатында қәлем тербетип, үлкен из қалдырған инсанлар бармақ пенен санаўлы екенлиги, солардың қатарында Қонысбай Камаловтың да бар екенлигин айырықша атап өтти.

Оқыўшы ҳәм студентлик дәўирлеринде көплеген гүрриңлер, очерклер менен бирге көлемли «Маржангүл» повестин жазып, өз дөретпелерин республикалық газета-журналларда жәриялап барды. «Маржангүл» повести сол дәўирдеги ең көп оқылған дөретпелер қатарынан орын алды. Ол 1976-жылдан баслап Жазыўшылар аўқамының ағзасы болып, Москва, Қазан, Рига, Ташкент, Фрунзе (Бишкек), Баку, Тбилиси сыяқлы қалаларда ХХ әсир әдебияты мәселелерине арналған илимий-теориялық әнжуманларда шығып сөйледи. Сондай-ақ, дүнья жүзилик Тюркологиялық V ҳәм VI әнжуманларда баянатлар жасады.

Оның илимий мақалалары «Большая Советская энциклопедия», «Литературная энциклопедия» китапларында, «Вопросы литературы» журналында жарық көрди.

Қонысбай Камалов гүрриң ҳәм повестьлер жазыў менен бирге «Қарақалпақ әдебиятында повесть жанрының эволюциясы» деген темада кандидатлық, «Қарақалпақ әдебиятында көркем методтың эволюциясы» деген темада докторлық диссертациясын табыслы қорғады.

Соның менен бирге, С.Ахметов, Ә.Пахратдинов сыяқлы илимпазлар менен бирге мектеп, орта арнаўлы билимлендириў ҳәм жоқары оқыў орынлары оқыўшы-студентлери ушын сабақлықларды дүзиўде, қарақалпақ әдебиятын дәўирлерге бөлип үйрениўде белсендилик көрсетти.

Әнжуман алымның жақынлары, досларының еске түсириўлери, жаслардың сораў-жуўаплары менен даўам етти.

Қарақалпақ әдебияты, илиминде усындай тәкирарланбас, гиреўли орнына ийе болған илимпаз ҳәм жазыўшы Қонысбай Камаловтың кейинги әўладларға қалдырған әдебий және илимий мийрасы бәршемиздиң қәлбимизден терең орын алады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.