USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сəршемби, 24 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Өзбекстан – Түркменстан: КӨП ӘСИРЛИК ДОСЛЫҚ ҲӘМ МӘДЕНИЙ БАЙЛАНЫСЛАРДЫҢ ЖАҢА БАСҚЫШЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов 28-ноябрь күни әмелий сапар менен мәмлекетимизге келди.

Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов күтип алды.

Туўысқан өзбек ҳәм түркмен халықларының тарийхы, мәденияты бир, тили ҳәм үрп-әдетлери уқсас. Бул жақынлық мәмлекетлеримиз арасындағы беккем бирге ислесиўге тийкар болмақта.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекет басшысы сыпатындағы сырт елге болған биринши сапары 2017-жыл 6-7-март күнлери Түркменстанға болғанлығын айрықша атап өтиў керек. Бул тосынан емес. Бул ушырасыў Өзбекстанның сыртқы сиясатында жақсы қоңсышылық қатнасықларына айрықша итибар қаратыўының айқын көриниси болып табылады. Сол сөйлесиўлердиң нәтийжесинде, Өзбекстан ҳәм Түркменстанның қатнасықлары сапа жағынан жаңа басқышқа – стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди.

2018-жыл апрельде Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов мәмлекетлик сапар менен елимизде болды. Сол жылы август айында Президентимиз Шавкат Мирзиёев Аралды қутқарыў фондын шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшыларының мәжилисинде, усы жыл октябрьде болса Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы саммитинде қатнасыў ушын Түркменстанда болды.

Буннан тысқары, ҳүкиметлер, министрликлер дәрежесинде де көплеген ушырасыўлар өткерилмекте.

Түркменстан Президентиниң бул ретки сапары мәмлекет басшыларының дослығының және бир көриниси, 29-ноябрь күни пайтахтымызда болып өтетуғын Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы алдынан шын жүректен сөйлесиўи болып табылады.

Түркменстан Президентиниң Өзбекстанға әмелий сапары Көксарай резиденциясында мәмлекет басшыларының ушырасыўы менен басланды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелерин көрип шықты ҳәм оларды кеңейтиў перспективаларын додалады.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы Стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилген көп қырлы бирге ислесиўдиң жеделлик пенен раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Сөйлесиўлер даўамында әмелий бирге ислесиў мәселелерине, соның ишинде, өз-ара саўданы кеңейтиў, машина қурылысы, энергетика, транспорт, аўыл хожалығы ҳәм басқа да әҳмийетли тармақларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан Президентлери Ташкентте өткерилетуғын Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының екинши Мәсләҳәт ушырасыўы регионда дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм шериклик қатнасықларын беккемлеўге хызмет етиўи бойынша исенимли пикир билдирди.

Түркменстан региондағы тийкарғы саўда шериклеримизден бири. Өзбекстаннан Түркменстанға аўыл хожалығы техникасы, мийўе-овощлар, минерал төгинлер, қурылыс материаллары, химия ҳәм тоқымашылық өнимлери, түрли тараўдағы хызметлер экспорт етиледи. Түркменстаннан елимизге нефть ҳәм нефть өнимлери, механикалық үскенелер, пропилен полимерлери, басқа да химиялық товарлар алып келинеди.

Мәмлекетлеримиз арасындағы товар алмасыў көлеми турақлы түрде артып бармақта. Соның ишинде, 2018-жылда 302 миллион доллардан асқан болса, 2019-жыл январь-октябрь айларында бул көрсеткиш 429 миллион долларды қурады.

Өзбекстан-Түркменстан бирге ислесиўиниң әҳмийетли бағдарларынан және бири транспорт тараўы болып табылады. Еки мәмлекеттиң автомобиль ҳәм темир жоллар арқалы өз-ара саўда жүклери тасылмақта, үшинши мәмлекетлер ушын да транзит етилмекте. Атап айтқанда, 2018-жылда темир жол арқалы халықаралық жүк тасыў көлеми 23,7 процентке көтерилген еди. Усы жылдың 9 айында бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда және 37 процентке өсти. Автомобиль арқалы тасыўда да унамлы өсиўлерди көриўге болады. 2018-жылда бул бағдарда 3,5 мәрте өсиў бақланған еди. Усы жылдың 9 айында бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 2,8 мәрте өсти.

Мәмлекетлеримиз арасындағы мәдений-гуманитарлық байланыслар беккемленип бармақта. Өзбекстан ҳәм Түркменстан ўәкиллери еки мәмлекетте шөлкемлестирилип атырған мәденият күнлери илажларында, түрли концертлерде, фестивальлар ҳәм таңлаўларда, спорт жарысларында белсене қатнаспақта.

2017-жыл май айында Ташкентте Мақтумқулы атындағы көше ҳәм оған бағышланған архитектуралық естелик ашылған еди. 2018-жыл апрель айында Түркменстан Президенти Гурмангули Бердимуҳамедовтың мәмлекетимизге сапар етиўине байланыслы «Ашхабад» дем алыў бағы, Хорезм ўәлаятында «Өзбек-түркмен» дослық үйи ҳәм «Улли ҳовли» комплексиниң ашылғаны халықларымыздың дослығы, аўызбиршилиги ҳәм мәдений жақынлығының және бир айқын көриниси болды.

Усы жылы Самарқандта өткерилген «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалы ҳәм Қоқанд қаласында өткерилген Халықаралық өнерментшилик фестивалында Түркменстан делегациясы мүнәсип қатнасты.

Ушырасыўда аймақлар арасында, сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық тараўда қатнасықларды жеделлик пенен даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Президентлер регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуаль мәселелер бойынша да пикир алысты.

Сөйлесиўлерден соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов Түркменстан  басшысының китаплары – илимий шығармаларының көргизбеси менен танысты.

Бул китаплар мәмлекетимиздиң илимий-академик топарлары ҳәм дөретиўшилик жәмийетшилигинде үлкен қызығыўшылық оятқанын атап өтиў керек. Бул сапар етиў алдынан Гурбангули Бердимуҳаметовтың бир қатар китаплары – «Бахытлы өмир денсаўлықтан басланады», «Мәденият – халықтың бийбаҳа ғәзийнеси», «Мәнгилик әпсана», «Шай – шыпа ҳәм руйхый қуўат алыў дәреги» атамасындағы китаплары өзбек тилине аўдарылып, басып шығарылған еди. Оларда автордың саламатлық, түркмен халқының мәденияты ҳәм үрп-әдетлери, түркмен гилемшилиги, шай ишиў дәстүрлери ҳаққындағы пикирлери, силтемелери жәмленген, темаға байланыслы фотосүўретлер менен байытылған.

Мәмлекетимиз басшысы Түркменстан Президентине мәмлекетимизде басып шығарылған Гурбангули Бердимуҳамедов китапларының дәслепки нусқаларын саўға етти.

Соннан кейин Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедовқа Өзбекстан Илимлер аадемиясының Ҳүрметли академиги атағын бериўге бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

Мәмлекетимиздиң Илимлер академиясы бул қарарды Түркменстан Президентиниң халықаралық илимий топарларға кеңнен белгили болған ҳәм тән алынған илимпаз, заманагөй медицина, фармакология, экономика, архитектура ҳәм илимниң басқа да тараўларын раўажландырыў және Орайлық Азияның бай тәбиятын үйрениўге бағышланған бир қатар илимий энциклопедиялық шығармалардың авторы екенин есапқа алған ҳалда қабыл етти.

Мәресимде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, бул қарар Түркменстан Президентиниң илим тараўларын раўажландырыў, туўысқан өзбек ҳәм түркмен халықалары арасындағы дослықты беккемлеўдеги хызметлерине болған үлкен ҳүрметтиң көриниси екенин атап өтти.

Түркменстан Президентиниң ата-бабалардың мәнаўий мийрасы ҳәм фундаменталь илимий-изертлеўлерге тийкарланған көп санлы илимий шығармалары бүгинги илим, мәденият ҳәм көркем өнердиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосты.

Мәмлекетимиз басшысы кейинги жыллар көп әсирлик байланыслар тарийхында айрықша әҳмийетке ийе болғанын ҳәм бүгинги күнде Стратегиялық шериклик ҳаққындағы шәртнама тийкарында барған сайын раўажланып атырғанын атап өтти. Бул өз-ара саўда көлеминиң сезилерли дәрежеде өскенинде, санаат кооперациясы ҳәм аймақлараралық бирге ислесиўдиң күшейип атырғанында, мәдений-гуманитарлық байланыслардың жеделлескенинде көринбекте.

Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов, өз гезегинде Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Өзбекстан Илимлер академиясына көрсетилген жоқары итибар ушын терең миннетдаршылық билдирди, бул Түркменстанға болған ҳүрмет-итибардың көриниси, мәмлекеттиң илим ҳәм билимлендириў тараўларындағы жетискенликлериниң тән алыныўы, халықларымыз арасындағы дослықтың беккем екенлигинен дәрек беретуғынын атап өтти.

Түркменстан басшысы көп әсирлик тарийхый-мәдений қатнасықлар байланыстырып турған мәмлекетлеримиздиң жақсы қоңсышылыққа тийкарланған бирге ислесиўи өз-ара мәплерге де, пүткил регионның абаданлығы жолындағы мақсетлерге де сәйкес келетуғынын атап өтти.

Гурбангули Бердимуҳамедов Президент Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы шерикликти беккемлеўге, оған жаңа пәт бағышлаўға қосқан жеке үлесин жоқары баҳалады. Өзбекстан басшысы менен турақлы ҳәм нәтийжели ушырасыўлар бәрқулла дослық ҳәм исеним руўхында өтип ҳәм анық келисимлерге ерисиўге хызмет етип атырғаны атап өтилди.

Булардың барлығы Өзбекстан ҳәм Түркменстанның мәмлекетлераралық конструктивлик сиясий байланысты буннан былай да беккемлеў, өз-ара пайдалы саўда-экономикалық бирге ислесиў ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды раўажландырыў бағдарында исенимли екенин тастыйықлайды.

Илажда илим ҳәм мәденият ғайраткерлери, Өзбекстанда жасап атырған түркмен миллетиниң ўәкиллери сөзге шығып, Түркменстан Президентин жоқары атақ пенен қутлықлады.

Мәресимде еки мәмлекеттиң рәсмий делегацияларының ағзалары, академик топарлар ҳәм жәмийетшиликтиң ўәкиллери қатнасты.

 

ӨзА