Пайтахтымыздағы «Жаслар орайы»нда қала турғынларының машқалаларын үйрениў, пуқаралар менен тиккелей сәўбетлесип, олардың шешилмей киятырған мәселелерин өз орнында шешиў мақсетинде көшпели қабыллаў өткерилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, оның орынбасары А.Усманов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Президент админстрациясының қәнигелери, Бас прокурор орынбасары Э.Юлдашев, Жоқарғы суд баслығының орынбасары Б.Исақов, ишки ислер министриниң орынбасары Р.Хатамов, Ҳаял-қызлар комитети баслығының биринши орынбасары З.Маҳкамова ҳәм басқа да министрликлер менен уйымлардың, жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары қатнасты.

Көшпели қабыллаўда, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў, Мектепке шекемги билимлендириў, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрликлери, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, «Аймақлық электр тармақлары» АЖ ҳәм басқа да тараўлардың басшылары менен қәнигелери пуқаралардың мүрәжатларын тыңлады.

Билдирилген мүрәжатлардың көпшилиги коммуналлық хызмет көрсетиў, бәнтлик, кредит ажыратыў мәселелерине байланыслы мүрәжатлер болды.

Көшпели қабыллаў республикамыз бойлап даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.