«Қәдириятлар бесигисең – әзиз мәҳәллем!» сүрени астында өткерилип атырған «Мәҳәлле мениң тәғдиримде» таңлаўының Төрткүл районлық басқышы районның 18-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып өтти.

Таңлаўдың мақсети – жасларда үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримиз бенен мәдений мийрасымызға ҳүрмет көрсетиў сыяқлы пазыйлетлерди қәлиплестириў, оларды Ўатанға муҳаббат, садықлық руўхында тәрбиялаў болып табылады.

Таңлаў жуўмағында районның «Жаңа абат» МПЖ командасы биринши, «Түркстан» МПЖ командасы екинши, «Жаслық» МПЖ командасы үшинши орынды ийеледи.

«Мустақиллик», «Наўайы», «Төрткүл», «Истиқлол», «Тынышлық» ҳәм «Өзбекстан» МПЖлары ҳәр қыйлы номинациялар бойынша сыйлықланды.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған естелик саўғалары менен сыйлықланып, таңлаўдың келеси республикалық басқышына жоллама алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.