Татарстан Республикасы Президенти Рустам Миннихановтың мәмлекетимизге болған сапары шеңберинде 26-ноябрь күни пайтахтымыздағы «International Hotel Tashkent»  мийманханасында «Өзбекстан – Татарстан» исбилерменлериниң бизнес форумы болып өтти.

Илажда Өзбекстан  ҳәм туўысқан Татарстанның экономика, саўда, инвестиция, туризм, нефтьти қайта ислеў, металлургия, жеңил санаат, машина қурылысы, ғалаба хабар қураллары тараўында жумыс алып баратуғын бир қатар министрликлер ҳәм уйымлар, комитет ҳәм агентликлердиң басшылары, үлкен өндирис ҳәм бизнес компанияларының ўәкиллери, исбилермен топарлар қатнасты.

3.JPG

4.JPG

Форумның ашылыўында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Э.Ғаниев мийманларға мәмлекетимизде орнатылған бизнес орталық, сырт ел инвесторлары ушын жаратылған қолайлықлар ҳаққында мағлыўмат берди. Әмелдеги бирге ислесиў байланысларын буннан былай да беккемлеў бағдарында сөз етти. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан ҳәм Татарстан арасында улыўма баҳасы 1,5 миллиард доллардан зыят 50 ден аслам жойбар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Татарстан Республикасы Президенти Р.Минниханов өзиниң шығып сөйлеўинде Өзбекстанның жаңаланған сыртқы сиясаты, анық нәтийжеге тийкарланған ис-ҳәрекетлери барлық мәмлекетлер қатарында Россия, соның ишинде, Татарстан менен байланысларды сезилерли дәрежеде кеңейтиўдиң имканиятын жаратып атырғанын атап өтти. Мәмлекетлеримиздиң аймақлары арасында тиккелей қатнасықлардың раўажланып атырғаны, 2018-жылда елимизде өткерилген Өзбекстан – Россия аймақлараралық форумда ерисилген келисимлер шеңбериндеги бирге ислесиў және де беккемленип атырғаны атап өтилди.

13.JPG

14.JPG

Усы жылдың май айында Татарстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, санаат ҳәм саўда министри Альберт Каримовтың басшылығындағы делегация рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болды. Сөйлесиўлердиң нәтийжеси бойынша нефть-газ, денсаўлықты сақлаў ҳәм фармацевтика, аўыл-хожалығы, автомобиль қурылысы, туризм, тәбийғый байлықларды қазып алыў ҳәм қайта ислеў, мәлимлеме технологиялары сыяқлы онлаған тараўларды қамтып алыў нәзерде тутылған бир қатар келисимлерге ерисилди. «Татнефть», «КАМАЗ», «НТЗ», «ТЭМ-ПО», «Химград», «Эйдос-медицина», «Татхимфармпрепараты», «Бионоватик» сыяқлы Татарстанның дүнья базарында мүнәсип орын ийелеген онлаған үлкен кәрханалары менен биргеликтеги жойбарлар ислеп шығылды ҳәм әмелиятқа енгизилди. Бүгинги күнде усы бирге ислесиўдиң нәтийжелери реал санларда да өз көринисин таппақта.

Атап айтқанда, 2018-жылда Өзбекстан менен Татарстан арасындағы өним алмасыў көлеми 145 миллион АҚШ долларынан асты. 2017-жылда бул санлар 92,6 миллион еди. Бирақ бул еки тәрептиң бирге ислесиўинде ерисилиўи мүмкин болған дәслепки нәтийжеси болып табылады. Пайдаланылмаған үлкен имканиятларды толық иске қосыў арқалы экономикалық шерикликте жоқары нәтийжелерге ерисиўге болады. Бул бизнес-форумнан гөзленген мақсет жоқары дәрежедеги ушырасыўлар даўамында тийкар салынған жаңа, заманагөй формадағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдан ибарат.

15.JPG

Әнжуманда Өзбекстан – Татарстан исбилермен топарлары арасында В2В формасындағы ушырасыў өткерилди. Сөйлесиўлерде полимер суў өткизгишлер, музлатқыш үскенелер, өсимликти жетистириўде қолланылатуғын микробиологиялық препаратлар, суўды тазалаў ушын реагентлер, ыссылық изоляциясы материаллары, дизель автомобильлери, насос ҳәм копрессор үскенелерин ислеп шығарыў, сондай-ақ, инженерлик, энергетика, инфраструктура, транспорт ҳәм логистика тараўларында  бирге ислесиў мәселелери додаланды. Пайдалы келисимлерге ерисилди.

Форум шеңберинде нефть-газ ҳәм химия санааты, кән-металлургия, мәлимлеме тараўларындағы қатнасықларды буннан былай да раўажландырыўға қаратылған стратегиялық шериклик ҳәм бирге ислесиў  ҳаққындағы меморандумларға, шәртнамаларға қол қойылды.

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы