Ташкентте Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў миллий комиссиясының АҚШ мәмлекетлик департаменти ағзалары менен видеоконференцбайланыс түриндеги биринши сөйлесиўи болып өтти.

Онда Өзбекстан менен АҚШтың жуўапкер министрликлери ҳәм уйымларының жуўаплы хызметкерлери, ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева шығып сөйледи.

Өзбекстанда адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бағдарында үзликсиз илажлар әмелге асырылмақта. Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мәжбүрий мийнетке жол қоймаў  мәселеси елимизде мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген. Буны кейинги үш жылда усы бағдарда 13 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжеттиң қабыл етилгенинен де көриўге болады.

Буннан тысқары, усы жылдың июль айында Президентимиздиң тийисли пәрманы тийкарында Адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша республикалық уйымлараралық комиссияның жумысы тоқтатылып, оның орнында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының басшылығындағы Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў миллий комиссиясы шөлкемлестирилди және бул мәселе бойынша «Миллий баянатшы» институты енгизилди.

Бүгинги күнде комиссияның барлық ҳуқықый тийкарлары жаратылып, Миллий комиссия ҳәм оның қурамындағы киши комиссиялар, аймақлық комиссиялардың жумысын системалы жолға қойыў, бул бағдарда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыў, олардың бирге ислесиўин беккемлеўге қаратылған бир қатар илажлар белгиленди. Атап айтқанда, 2019-2020-жылларда адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўында мәмлекетлик уйымлардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша биринши гезекте әмелге асырылатуғын илажлар режеси қабыл етилди.

Және бир тәрепи, Халықаралық мийнет шөлкеми, АҚШ мәмлекетлик департаменти, «Cotton Campaign» ҳәм «Human Rights Watch» халықаралық шөлкемлериниң усынысларын есапқа алған ҳалда адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнет тараўында Өзбекстанның позициясын жақсылаўға қаратылған «Жол картасы» ислеп шығылды. Сондай-ақ, сырт елде болған Өзбекстан Республикасы пуқараларының ҳуқық ҳәм еркинликлериниң қорғалыўын тәмийинлеў бойынша әмелий илажлардың бағдарламасы қабыл етилди.

Балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетке жол қойғаны ушын жуўапкершиликти күшейтиў мақсетинде «Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары ислеп шығылды ҳәм Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында көрип шығылмақта.

Мәмлекетимизде жынятшылықтың ҳәр қандай түрине қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыўға қаратылған профилактикалық жумыслар алып барылмақта. Халық, әсиресе, жаслар арасында адам саўдасына қарсы гүресиў және тәрбиялық жумысларды күшейтиў бағдарындағы профилактикалық ҳәм түсиник жумысларының нәтийжесинде адам саўдасына байланыслы жынаятлар кейинги еки жылда сезилерли дәрежеде азайды. Халықаралық тәжирийбени есапқа алған ҳалда, «Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша нызам жойбары ислеп шығылды.

Видеоконференцияда аўыл хожалығында кең көлемли реформалардың өткерилип атырғаны, соның ишинде, Өзбекстан Президентиниң усы жыл октябрь айындағы «Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрманы бул тараўда әмелге асырылып атырған жумысларды жаңа дәрежеге алып шығыўға жәрдем беретуғыны атап өтилди.

Илажда Халықаралық мийнет шөлкемлери менен аўыл хожалығы тараўында мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бағдарында 2013-жылдан басланған бирге ислесиў өзиниң унамлы нәтийжесин берип атырғаны атап өтилди.

АҚШ мәмлекетлик департаментиниң ўәкиллери Өзбекстанда көрилип атырған илажларды қоллап-қуўатлаў, мәмлекетте мәжбүрий мийнеттен пайдаланыў бағдарындағы жағдайды мониторинг етиў бойынша ХМШ топарының жумысын унамлы баҳалады. АҚШ бул бағдарда мәсләҳәтлесиўлерди өткериў ҳәм үйрениўлерди даўам еттириў ушын усы жылдың декабрь айында Өзбекстанға келиўге таяр екенин билдирди.

 

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Баспасөз хызмети

ӨзА