USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 23 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ШАВКАТ МИРЗИЁЕВ ТАТАРСТАН ДЕЛЕГАЦИЯСЫН ҚАБЫЛ ЕТТИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-ноябрь күни Татарстан Республикасы Президенти Рустам Минниханов басшылығындағы Россия делегациясын қабыл етти.

Ушырасыўда Россия Федерациясы субъектлери арасында мәмлекетимиздиң аймақлары ушын жетекши бирге ислесиўшилерден бири болған Татарстан менен байланыслардың бүгинги басқышындағы әҳмийетли мәселелер ҳәм әмелий шерикликти раўажландырыў перспективалары көрип шығылды.

Өз-ара исбилерменлик ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўлардың жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Быйылғы жылы Татарстанның пайтахты Қазан қаласында Өзбекстанның бас консуллығы ашылды.

Россияның бул аймағы менен өз-ара саўда көлеми артып бармақта. Машина қурылысы, нефть-газ, химия ҳәм басқа да тармақларда биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта.

Өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, товар алмасыў көлемин арттырыў, кооперацияны кеңейтиў және аўыл хожалығы, машина қурылысы, электротехника ҳәм фармацевтика тармақлары, мәлимлеме технологиялары, турақ жай коммуналлық хожалық, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў тараўларында әмелий жойбарларды алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Ушырасыў соңында 2020-жылға мөлшерленген «Жол картасын» қабыл етиў ҳәм шерикликти кеңейтиў бойынша еки тәреплеме жумысшы топардың турақлы ушырасыўларын өткериўге келисип алынды.

ӨзА