Мойнақ районында Ташкент информациялық-технологиялар университети Нөкис филиалының профессор-оқытыўшылары тәрепинен семинар-тренинг шөлкемлестирилди.

Семинардың мақсети – райондағы улыўма билим бериў мектеплери менен жоқары оқыў орынлары арасында тәжирийбе алмасыў ҳәм тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў болып есапланады.

Семинар-тренинг даўамында филиалдың профессор-оқытыўшылары ТИТУ Нөкис филиалында әмелге асырылып атырған жумыслар, заманагөй кредит тәлим системасының абзаллықлары, сондай-ақ, инновациялық, техникалық жойбарлар хаққында толық мағлыўматлар берди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

ТИТУ Нөкис филиалы баспасөз хызметиниң мағлыўматларына қарағанда, усындай семинар-тренинглер райондағы барлық улыўма билим бериў мектеплеринде өткерилиўи режелестирилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.