Напақа жасындағы пуқара оқ атар қурал сатып атырғанында ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен қолға алынды. Бул ҳаққында постда.уз сайты хабар берди.

Атап өтилиўинше, Ферғана ўәлаяты Марғилан қаласының турғыны пуқара Х.Х сатып атырған оқ атар қуралдың «Макаров» пистолети екени ҳәм ол пайдаланыўға жарамлы, саз ҳалатта екенлиги анықланып айғақлы зат ретинде алып қойылды. Сондай-ақ, сатыдып атырған пистолеттиң бир дана оғы да бар болған.

Жүз берген ўақыядан соң нураныйдың шаңарағы басқа да қураллар болыўы мүмкин деген гүман менен қалыс гүўалардың қатнасыўында көзден өткерилгенде, көп муғдардағы нәшебентлик затлардың бар екенлиги анықланды.

Ҳазирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги