Сайлаў – 2019

2019-жылдың 23-ноябрь күни Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ) Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының (ДИИҲБ) сайлаў процесслерин қадағалаў бойынша толық миссиясы усы жыл 22-декабрьде мәмлекетимизде болып өтетуғын сайлаўларды бақлаў мақсетинде елимизге келди.

Миссияны италиялы Каэтана Де Зулуэта Оутрам басқармақта. Миссияның қурамынан сиясий, сайлаўлар, юридикалық ҳәм ҒХҚ мәселелери бойынша экспертлер орын алған.

Халықаралық бақлаўшылардан ибарат делегация ағзалары Орайлық сайлаў комиссиясының басшылары менен ушырасты.

Ушырасыўда мәмлекетимизде сайлаў нызамшылығы халықаралық стандартлар ҳәм унамлы сырт ел әмелиятына муўапық жетилистирилип атырғанына айрықша тоқтап өтилди. Бул бағдарда сайлаў процесине заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў, сайлаў комиссияларының жумысын буннан былай да жетилистириў бойынша нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлер айрықша әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, республикада сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими қәлиплестирилди. Дизим тийкарында Сайлаў процесин басқарыў бойынша мәлимилеме системасы енгизилди. Ол өз ишине бир қатар ўазыйпаларды қамтып алған. Соның ишинде, бул система пуқараларды участкалық сайлаў комиссияларына бөлистириў, сайлаўшы өзи жасап турған орынға байланыслы участка ҳаққында мағлыўмат алыў және округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссияларының жумысын аңсатластырыў имканиятын береди.

Быйылғы сайлаўларда 20 миллион 600 мыңға шамалас сайлаўшының даўыс бериўи күтилмекте. Олардың 2 миллионнан асламын биринши мәрте сайлаўда қатнасатуғын жаслар қурайды.

Сондай-ақ, быйылғы жылы мәмлекетимиздиң тәрийхында биринши мәрте сайлаўға байланыслы барлық ҳуқықый нормаларды өз ишине қамтып алған бир пүтин нызам ҳүжжети – Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодексиниң ислеп шығылып, қабыл етилгени, бул әҳмийетли ҳүжжеттиң жойбары 50 мыңнан аслам мәмлекеттиң сайлаў нызамшылығын таллаған ҳалда ислеп шығылып, кең жәмийетшилик ҳәм халықаралық шөлкемлердиң экспертизасынан өткерилгени айтып өтилди.

Усы жылдың июль айында Орайлық сайлаў комиссиясы мәмлекетимиздиң әҳмийетли сиясий илажын ашық-айдын, улыўма тән алынған халықаралық сайлаў стандарталарына муўапық түрде өткериўге таярлығын есапқа алып, халықаралық миннетлемелерден келип шыққан ҳалда, ЕҚБШ ДИИҲБны сайлаў алды жағдайды ҳәм болажақ сайлаўларға таярлықтың жағдайын баҳалаў ушын мирәт еткен еди. Сол ўақытта Республикамызда болған ЕҚБШ ДИИҲБ ның Талапларын баҳалаў бойынша миссия (ТБМ)сы мәмлекетте еркин ҳәм демократиялық сайлаўлардың өткерилиўин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған илажларды унамлы баҳалады. Атап айтқанда, Талапларды баҳалаў бойынша миссияның есабында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында экономика ҳәм мәмлекетлик басқарыў тараўында, соның ишинде, валютаны тәртипке салыўды либералластырыў, виза режимин әпиўайыластырыў ҳәм қоңсылар менен тығыз бирге ислесиў, бир қанша сиясий судланыўшыларды азат етиў ҳәм ҳуқық қорғаў системасындағы узақты гөзлеп әмелге асырылып атырған реформалардың жаңа басқышы кең көлемли миссияны жибериў ушын тийкар болғаны атап өтилген.

Есабатта сайлаўлардың сайлаў нызамшылығы сезилерли нәтийжеде жаңаланған шараятта өтетуғыны айрықша көрсетилген. Өзбекстан тәрепинен жазаны өтеў орынларында сақланып атырған айырым категориядағы шахслардың сайлаўларда қатнасыўы бағдарындағы шеклеўлердиң алып тасланғаны, тиккелей сайлаў принциплерине қайшы болған Нызамшылық палатасындағы орынлар ушын квоталар институтының бийкар етилгени ҳәм ЕҚБШның және басқа бир қатар усынысларының орынланғаны унамлы баҳаланды.

Мәмлекетимизге келген сайлаўды бақлаў миссиясы сайлаўды баҳалаўда ЕҚБШның миннетлемелерине, демократиялық сайлаў өткерилиўиниң халықаралық стандартларына ҳәм талапларына және миллий нызамшылыққа сүйенеди.

Бақлаўшылар сайлаў кампаниясының илажларын, сайлаў ҳәкимшилиги ҳәм жуўапкер шөлкемлердиң жумысын, нызамшылыққа әмел етилиўи процесслерин бақлайды. Экспертлер сайлаў илажларының ғалаба хабар қураллары арқалы сәўлеленип барыўын мониторинг етип барады.

Бақлаўшылардың шекленген миссиясының отызға шамалас бақлаўшысы қатнасқан алдыңғы парламентлик сайлаўлардан өзгеше түрде, болажақ сайлаўларда үш жүзге шамалас ўәкилдиң қатнасыўы күтилмекте. Сайлаў күни бақлаўшылар сайлаў участкаларының ашылыўы, даўыс бериў процеси, даўысларды санаў ҳәм оның нәтийжелерин усыныў процесслерин бақлайды.

 

Нурилло Насриев,

ӨзАның хабаршысы