Президентимиздиң усы жыл 20-21-август күнлери  республикамызға болған сапары даўамында Бозатаў районын қайта шөлкемлестириў бойынша усынысы гүллен халқымыз тәрепинен айрықша қуўаныш пенен күтип алынды.

Бүгинги күни районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, аймақ турғынларының турмыс шараятларын жақсылаў, шарўашылықты және исбилерменликти раўажландырыў бойынша бағдарлама ислеп шығылып, усы бойынша жумыслар алып барылмақта. Президентимиздиң Бозатаў районына болған айрықша итибары нәтийжесинде көплеген өндирислик кәрханалар иске түсирилип, пайдаланыўға тапсырылмақта. 2020-жылдың январь айында район орайында жаңа кәрхана пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилген болып, онда 350 ҳаял-қыз жумыс орны менен тәмийинленеди.

Бозатаў районының «Бозатаў» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында қурылып атырған тигиў цехының қурылыс жумыслары «Өзпахтасанаат» акционерлик жәмийетиниң қәўендерлигинде әмелге асырылып, бүгинги күнде қурылыс жумысларының 60 проценти орынланды.

Келешекте 3 сменада жумыс алып барыўы нәзерде тутылған цехқа жумысқа орналастырыў ушын жәми 735 ҳаял-қыз тигиўшиликке ҳәм Қытайдан алып келинген тигиў машиналарын ислетиўге үйретилмекте. Бул ушын «Еркиндәрья» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжи имаратында 10, «Қазанкеткен» аўыл хожалығы колледжинде 60 тигиў машинасы бәнт етилген.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.