Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 4-октябрьдеги «Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тили ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгениниң отыз жыллығын кең түрде белгилеў ҳаққында»ғы қарары тийкарында барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшылары арасында «Өзбек тилим – мақтанышым» темасында баян жумысын жазыў бойынша таңлаў өткерилди.

Таңлаўдың Өзбекстан Республикасы бойынша өткерилген республикалық басқышында Қарақалпақстан Республикасынан 45 оқыўшы сыйлы орынларды ийеледи. Нөкистеги 46-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде усы оқыўшыларды сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң берген мағлыўматына қарағанда, таңлаўдың республикалық басқышында 13 оқыўшы биринши, 19 оқыўшы екинши ҳәм 14 оқыўшы үшинши орынға мүнәсип деп табылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.