Усы жыл 21-ноябрь күни Ташкент аграр университети Нөкис филиалының Шымбай академиялық лицейинде Өзбекстан «Адолат» СДПдан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатлығына 6-санлы Шымбай сайлаў округинде талабан ретинде дизимге алынған Бекмурза Дилановтың сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда талабанның исенимли ўәкили Р.Отарбаев шығып сөйлеп, сайлаўшыларды партиядан көрсетилген талабанның өмир баяны ҳәм бағдарламасы менен таныстырды. Атап өтилгениндей, талабанның бағдарламасы партияның дәстүрий мақсетлерине тийкарланған. Онда халықтың жәмийетлик белсендилигин арттырыў, экономикалық дәраматларды көбейтиў бойынша да бир қатар әҳмийетли бағдарлар белгиленген.

Соң талабан Бекмурза Диланов партия электоратының ҳәм сайлаўшылардың мәплери менен есапласқан ҳалда, келешек әўлад алдындағы жуўапкершиликти сезинип, алдағы бес жыл ушын өз бағдарламасында бир қатар ўазыйпаларды белгилеп алғанлығын атап өтти. Соның ишинде, билимлендириўге инвестиция киргизиў, халықтың абаданлығын арттырыў сыяқлы мәселелер орын алған.  Үзликсиз билимлендириў системасын турақлы түрде жетилистирип барыў, сапалы тәлим-тәрбия бериў, жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаў тийкарғы ўазыйпасы екенлигин билдирди.

Ушырасыўда талабанның бағдарламасында келтирген мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.