Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесинде «Мийнет саласындағы зәрүр әҳмийетке ийе мәселелер» темасында дөгерек сәўбети өткерилди. Оған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң, тийисли министрликлер менен жәмийетлик шөлкемлердиң жуўапкер қәнигелери, кәсиплик аўқамларының басшылары ҳәм қәнигелери қатнасты.

Дөгерек сәўбетин Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығы У.Жалменов алып барды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң секретариат баслығы А.Сейтимбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў жумысларын ҳәм мийнет қатнасықларын және  де жетилистириў мәселелериниң орынланыўы туўралы мағлыўмат берилди.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усы жыл 9-марттағы 88-санлы қарарына муўапық, быйыл республикамызда 18,6 мың жаңа жумыс орнын жаратыў ҳәм 13,6 мың адамның бәнтлигин тәмийинлеў белгиленген. Усы жылдың январь-октябрь айларында  17012 жаңа жумыс орынлары шөлкемлестирилип, реже артығы менен орынланған (реже 15018). Жыл жуўмағына шекем  19101 жаңа жумыс орынларының жаратылыўы күтилмекте.

Сондай-ақ, баянатларда бюджет мәкемелериндеги мийнет ҳақыны, социаллық қорғаў ҳәм мийнетти қорғаў бойынша жумысларды қаржыландырыў бойынша әмелге асырылған илажлар, мийнеткешлердиң ҳуқықын, мийнетин, социаллық-экономикалық мәплерин қорғаўда, олардың мийнет қәўипсизлигин ҳәм саўалландырылыўын тәмийинлеўде кәсиплик аўқамлары тәрепинен алып барылып атырған жумыслар атап өтилди.

Дөгерек сәўбетинде, ҳәзирги күнде мийнеткешлерди толғандырып жүрген мийнетти қорғаў мәселелери, жумыс орынларын аттестациядан өткериў, мийнет шәртнамасы, мийнет дәптершелери, кем тәмийинленген шаңарақларды социаллық-экономикалық жақтан қоллап-қуўатлаў, фермерлик хожалықларында жумыс пенен бәнт болған жумыс ислеўшилердиң ең кем санының нормасы, бәнтлик мәселелери, хызметкерлерди тийкарғы жумысынан басқа жумысларға тартыў жағдайлары бойынша ушырасып атырған машқалалар додаланды.

Турмыста әпиўайы пуқараларды ойландырып, қыйнап жүрген бир қатар машқалалардың унамлы шешилгенлиги атап өтилип, айырымларының шешимин табыў бойынша тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң биргеликте жумыс алып барыў кереклиги атап өтилди.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

(автордың түсирген сүўретлери)