Усы жыл 22-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў орайында «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамының қабыл етилгенине 30 жыл толыўына бағышланған «Ана тили – миллет мақтанышы»  атамасында илимий-теориялық конференция болып өтти.

Илажды усы орайдың директоры Б.Диланов кирис сөз бенен ашты.

Конференцияда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессоры, филология илимлериниң докторы Ш.Абдиназимов «Ғәрезсизлик жылларында қарақалпақ тилиниң раўажланыўы», филология илимлериниң философия докторы докторы (PhD) Д.Сейтқасымов «Сөйлеўдиң дурыслығы – мәдениятлылықтың нышаны», Нөкис қалалық 46-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы С.Каюпова «Қарақалпақ тили – қарақалпақ халқының миллий тили» атамасында баянат жасады.

Атап өтилгениндей,  Президентимиз тәрепинен барлық тараўлар сыяқлы миллий тилимиз бенен әдебиятымызды раўажландырыўға, жаслар арасында ана тилимиздиң абырайын арттырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда бир қатар ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Әсиресе, соңғы жыллар ишинде ана тилимизди сақлап қалыў, оны кейинги әўладларға сап ҳалында жеткериў, және де улығлаў бағдарындағы жумыслар жаңа басқышқа көтерилип бармақта. Сондай-ақ, илажда шығып сөйлегенлер қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилиў тарийхы, түркий тиллер системасында қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил сыпатында тутқан орны ҳәм бүгинги күнде ушырасып атырған машқалалар, алдағы ўазыйпалар ҳаққында кең түрде түсиник берди. Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилиўи халқымыздың өзлигин аңлаўы, ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған миллий мийрасларымызды, қәдриятларымызды қәстерлеп сақлап, келешек әўладларға жеткерип бериўдей уллы исте тасланған әҳмийетли, тарийхый қәдем болғаны атап өтилди.

Илимий-теориялық конференция концерт-бағдарламасы менен жуўмақланды.

Республикамыздың барлық билимлендириў орынларында, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлерде сәне мүнәсибети менен ушырасыўлар, конференциялар ҳәм концерт бағдарламалары өткерилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.