USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 28 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ОРАЙЛЫҚ АЗИЯ МӘМЛЕКЕТЛЕРИ БАСШЫЛАРЫНЫҢ ЕКИНШИ МӘСЛӘҲӘТ  УШЫРАСЫЎЫ ҲАҚҚЫНДА

2019-жыл 29-ноябрь күни Ташкент қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының екинши Мәсләҳәт ушырасыўы болып өтеди.

Саммиттиң күн тәртибинен сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникациялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўларда регионаллық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери орын алған.

Тәреплер, сондай-ақ, халықаралық сиясат ҳәм регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеўге байланыслы әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысады.

Ушырасыў соңында жуўмақлаўшы ҳүжжет қабыл етилиўи күтилмекте.

Бизге белгили, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының мәсләҳәт ушырасыўларын турақлы өткериў басламасы Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2017-жыл сентябрь айында БМШ Бас Ассамбелясының 72-сессиясында алға қойылған еди. Биринши саммит өткен жылдың март айында Нур-Султан қаласында болып өтти.

 

ӨзА