Ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалында «Депутат ҳәм жаслар» темасында дөгерек сәўбети болып өтти.

Онда ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң ҳәм Нөкис қалалық Әдиллик бөлиминиң қәнигелери шығып сөйлеп, студент-жасларға депутат ҳәм оның ўәкилликлери, алып баратуғын жумыслары, ўазыйпалары ҳәм ҳуқықый бағдардағы жумыслары ҳаққында мағлыўматлар берди.

– Ҳәзирги ўақытта депутатлардың алдына ҳәр қашанғыдан да жуўапкерли ўазыйпалар қойылып атыр. Себеби, депутат бүгин ҳәр бир тараўда белсендилик көрсетиўи керек. Халықты қыйнап киятырған ҳәр қандай машқаланы үйренип, олардың машқаласын шешиўи, оларға ғамхорлық көрсетиўи, әмелий жәрдем бериўи керек. Бул бойынша бизге қәнигелер тәрепинен кеңнен түсиник берилди, Депутатлық ҳәм оның әмелий ўазыйпалары бойынша билип алдық-дейди филиал студенти Ш.Жоллыбаев.

Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.