USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 20 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

РЕФОРМАЛАРДЫҢ НӘТИЙЖЕЛИЛИГИ ЭКОНОМИКАМЫЗДЫҢ ТУРАҚЛЫЛЫҒЫН ҲӘМ ХАЛҚЫМЫЗДЫҢ АБАДАНЛЫҒЫН АРТТЫРАДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-ноябрь күни Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары ҳәм ири жойбарлар менен танысты.

Президентимиз дәслеп Мырза Улығбек районындағы Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық паркинде болды.

Бул IT-парк мәмлекетимиз басшысының 2018-жылда Ҳиндстанға болған мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисим тийкарында, Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен Ҳиндстан Республикасының Электроника ҳәм мәлимлеме технологиялары министрлиги жанындағы Программалық технологиялар парклери жәмийети менен биргеликте шөлкемлестирилген.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта, инновацияларды енгизиў ушын керекли шараят жаратылып, тараўға инвестициялар тартылмақта. Мәмлекетимиздеги дәслепки IT-парк жергиликли стартап-экосистемасының ажыралмас бөлегине айланып, стартапшылар ҳәрекетин буннан былай да раўажландырыўда қолайлы шараятларды жаратыў имканиятын береди.

Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 10-январьдағы қарарында технопарктиң жумысын жолға қойыў илажлары белгиленди, усы мақсетте дирекция дүзилди. Қурылыс жумыслары жеделлик пенен алып барылып, усы жылдың июль айында дәслепки имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Технопарклерди раўажландырыў ҳәм программалық тәмийнатшылар жаратыўшыларын қоллап-қуўатлаўға Ҳиндстанның алдыңғы тәжирийбесин тартыў мақсетинде Ҳиндстан Программалық технологиялар парклери жәмийетиниң ең жақсы қәнигелери мирәт етилди. Ҳәзирги ўақытта бул жәмийет Ҳиндстанда 57 технопарк ашып, олардың жумысын қоллап-қуўатлап келмекте.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде жаратылған шараятлар менен танысты, хызметкерлер менен сәўбетлести.

Технопаркте финанслық, маркетинг, юридикалық, консалтинг ҳәм бизнес акселерация хызметлери көрсетиледи. Бул стартап тараўы бойынша жумыс алып барыўшылар ушын бизнес-жоба ҳәм өнимин үгит-нәсиятлаў стратегиясын дүзиў, базар ҳәм бәсекилеслерди үйрениў, экономикалық жумысын тез баслаўына жәрдем береди. Буннан тысқары, стартап жойбарларын әмелге асырыўда венчур қаржыландырыў тийкарында жәрдем бериледи.

Бул жерде қәнигелер ушын барлық қолайлықлар жаратылған, перспективалы стартап жойбарларын қоллап-қуўатлаў бойынша инкубация ҳәм акселерация бағдарламалары шөлкемлестирилген. Мәлимлеме технологиялары, қаржы, логистика, электрон билимлендириў, биотехнология ҳәм басқа да бағдарларда дәслепки жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта. Мәселен, АҚШтағы транспорт кәрханаларына логистикалық және кафе ҳәм пиццерияларға аутсорсинг бойынша технологиялық хызмет көрсетиў жолға қойылған. Технопарктиң усы сыяқлы хызметлери арзан, сапасының жоқары екенлиги менен сырт елли қәнигелерге мақул болмақта.

-Экономикамыздың турақлылығы, ҳәр бир тараўдың сапасы ҳәм нәтийжелилиги, халыққа  қолайлықларды жаратыў мәлимлеме технологиялары менен байланыслы. Соның ушын бул тараўға және де кең имканият, зәрүрли инфраструктураны жаратыў, қәнигелерди ҳәр тәреплеме хошаметлеў, қәбилетли жасларды тәрбиялаў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Бул технопарктиң резидентлери сыпатында дизимнен өткен кәрханалар 2028-жыл 1-январьға шекем салық ҳәм бажыхана төлемлеринен азат етиледи. Бул тараў қәнигелерине үлкен жәрдем болып, технопаркке болған қызығыўшылықты арттырмақта. Қысқа ўақытта резидентлердиң саны 300 ден асты.

Тараўдың раўажланыўына және де кеңирек шараят жаратыў мақсетинде бул жерде және 7 лот қурылып, 85 офислер,  бизнес орайы, мийманхана ҳәм басқа да имаратларды қурыў режелестирилген.

Президент Шавкат Мирзиёев усы жаңа басқыштың қурылысына рәмзий тырнақ тасын қойды.

Технопаркте жыллық өндирис қуўатлылығы 2020-жылда 10 миллион доллардан асыўы, 2025-жылда болса 100 миллион долларға жететуғыны нәзерде тутылған. Жойбардың улыўма баҳасы 150 миллион доллар.

– Бүгин Өзбекстан барлық тараўларда өзин көрсетпекте. Өз ўақтында мәлимлеме технологияларына итибар қаратқанымыз жақсы нәтийже бермекте. Бир ғана программалық өним мәмлекетимизге қанша пайда келтиреди, коррупция, бюрократияның алдын алады, адамларға қолайлықлар жаратады. Ҳәр-дайым ядыңызда болсын, сизлердиң жумысыңыз оғада әҳмийетли, – деди Президентимиз.

Шавкат Мирзиёев «Ўзэкспомарказ» миллий көргизбелер комплексинде болып өтип атырған Өзбекстан санаат ярмаркасы ҳәм кооперациялық биржасы менен танысты.

928fa61e-8617-19e0-a502-c0246310ef34.jpg

Мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 1-майдағы «Санаат кооперациясын буннан былай да раўажландырыў ҳәм талап жоқары болған өнимлерди ислеп шығарыўды кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық шөлкемлестирилген бул илаж 18-ноябрь күни басланған еди. Онда мыңға шамалас кәрхана, компания ҳәм фирмалар, киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменлик субъектлери 10 мыңнан аслам түрдеги өнимлер менен қатнаспақта.

Соның ишинде, бул жерде мәмлекетимиз аймақларының экономикалық потенциалы, импортты  оптималластырыў, өндиристи локализациялаў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар сәўлеленген стендлер, тутыныў товарлары, азық-аўқат ҳәм тоқымашылық тармақлары, үлкен санаат кәрханалары және олар менен бирге ислесетуғын киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменлик субъектлериниң өнимлери жайластырылған.

Қатнасыўшылар санаат кәрханаларының экспортқа жарамлы ҳәм импорттың орнын басатуғын өнимлери, олардың сапасы ҳәм техникалық көрсеткишлери, көтере ҳәм усақлап сатыў баҳалары, кәрханалардың қолда бар қуўатлықлары сыяқлы мағлыўматлар менен таныспақта. Бул жергиликли ҳәм сырт ел базарларында талап жоқары болған өнимлерди үйрениў, оларды ислеп шығарыў ҳәм сатып алыў бойынша бирге ислесиўшилерди табыў, киши бизнес субъектлерин санаат ҳәрекетине кеңнен тартыўда әҳмийетли фактор болмақта.

Президентимиз ярмаркаға шығарылған өнимлер менен танысты. Олардың өтимлилиги, локализация дәрежеси менен қызықты. Локализациялаўды кеңейтиў, импорт болып атырған детальлардың ислеп шығарылыўын өзлестириў, сапаны тәмийинлеў арқалы қарыйдарды көбейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Усы жерде биринши мәрте өткерилип атырған бул илаждың әҳмийетине тоқтап өтсек.  Бизге белгили, ҳәр жылы тармақлар бойынша санаат ярмаркалары ҳәм кооперациялық биржалар өткериледи. Оларда талап ҳәм усыныс үйренилип, кәрханалардың имканияты, өнимлердиң түрлери көрсетиледи. Бирақ тән алыў керек, бул ярмаркалардың көпшилиги атына ғана өткерилген, экономикамыздың алға илгерилиўине, кәрханалардың бәсекиге шыдамлы болыўына тәсир етпеген.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен кейинги жылларда жергиликли ҳәм сырт ел базарында талап жоқары болған өнимлерди ислеп шығарыўды кеңейтиў арқалы экономиканы жедел раўажландырыўға қаратылған үзликсиз илажлар бул бағдардағы реал өзгерислерге себеп болмақта. Бул бағдарда мәмлекетимиз басшысының бир қатар пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилди, олардың тийкарында ислеп шығарыўшылардың, исбилерменлердиң ҳуқықлары менен ўәкилликлери кеңейтилди.

Мәмлекетимиз басшысының жоқарыда атап өтилген қарары санаат өнимлерин ислеп шығарыўды буннан былай да кеңейтиў, киши бизнес субъектлерин санаат ҳәрекетине кеңнен тартыў, үлкен кәрханалар менен санаат кооперациясын беккемлеў ҳәм раўажландырыўды нәзерде тутады.

Усы қарар тийкарында шөлкемлестирилген санаат ярмаркасы биринши мәрте ислеп шығарыўшы кәрханалар, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларын, қарыйдарларды бир жерге жәмледи. Яғный, импорттың орнын басатуғын өнимди ислеп шығарып атырған кәрхананың ийеси ярмаркадан усы түрдеги өнимге қарыйдар кәрхана менен шәртнама дүзеди, нәтийжеде тап усындай өним ямаса детальды сырттан сатып алыўға зәрүрлик болмайды, импорт кемейеди.

Тармаққа жуўапкер министрликлер ҳәм компаниялар исбилерменлерге қайсы түрдеги өнимге талаптың бар екенлиги ямаса ислеп шығарылған товарды қайсы кәрханаға өткериў ҳаққында усыныслар береди, оларға зәрүрли жәрдемди көрсетеди.

Бир сөз бенен айтқанда, бул илаж мәмлекетимиздиң санаатын раўажландырыўға, кәрханалардың арасындағы кооперациялық байланысларды, соның ишинде, аралықтан турып бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге, тараўдағы унамлы реформаларды киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменлик субъектлерине жеткериўде кең имканият жаратады.

Шавкат Мирзиёев кәрханалардың басшылары, исбилерменлер менен сәўбетлесип, олардың усынысларын тыңлады. Усы тийкарда жуўапкерлерге локализацияланған өнимлерди ислеп шығарып атырған кәрханаларды қоллап-қуўатлаў, олардың ири компаниялар менен санаат кооперациясын жолға қойыў, импортты қысқартыў, жумысшы орынларын көбейтиў бойынша тапсырмалар берди.

– Ислеп шығарыўшы қашан раўажланады? Өниминиң ийеси болса. Бул ярмаркаға келген ҳәр бир кәрхана ҳәм исбилермен нәтийжеге ерисиўи, әпиўайы гайкадан баслап үлкен машиналарға шекем өз қарыйдарын табыўы керек. Оны қатнасыўшылар разы болғанға шекем даўам еттириў керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Шавкат Мирзиёевқа Экономика ҳәм санаат министрлиги жанында шөлкемлестирилген электрон кооперация порталы – www.cooperation.uz ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Бул портал арқалы ислеп шығарыўшылар өз өнимлерине қарыйдар табыўы, оларды жеткерип бериў бойынша шәртнамаларды дүзиўи мүмкин. Портал статистика, бажыхана, салық, сертификатластырыў уйымларының мағлыўматлар базасына жалғанған, ҳәптесине жети күн, суткасына 24 саат турақлы түрде ислейди.

Санаат кәрханалары ҳәм буйыртпашылар арасындағы шәртнамалар «онлайн» түрде рәсмийлестирилмекте. Халықаралық саўда орайында тармақлар, аймақлар, киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменлик субъектлериниң өндирислик потенциалы, кооперацияға болған талап бойынша көргизбелер өткерилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы инвестиция киргизип атырған ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў, локализацияланған өнимлерди көбейтиў, ишки базарды беккемлеў зәрүр екенлигин атап өтти.

–  Бундай илажлар турақлы түрде өткерилсе, бес жылдан кейин өнимниң сапасы ҳәм номенклатурасы өзгереди. Бүгин де киши бизнес субъектлериниң өнимлеринен ири кәрханалар биймәлел пайдаланыўы мүмкин. Бул киши кәрханалардың жергиликли базардан ылайықлы орын ийелеўине кең имканият жаратады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Сырт ел инвестицияларының есабынан әмелге асырылып атырған жойбарларда жергиликли ислеп шығарыўшылардың әсбап-үскене ҳәм өнимлериниң үлеси ең кеминде 30 процент болыўы керек екенлиги атап өтилди. Әсиресе, мәмлекетлик үлеске ийе тармақлар ҳәм кәрханаларда усы талапты кескин қойып, сол арқалы жергиликли өнимниң баҳасын ҳәм сапасын арттырыў бойынша тапсырмалар берилди.

42.jpg

Президентимиз Өзбекстан Ислам цивилизациясы орайына барды. Мәмлекетимиз басшысы тийкар салған бул мәкеме халқымыздың бай өтмишин илим ҳәм ағартыўшылықтың раўажланыўына қосқан үлесин көрсететуғын бир тутас комплекс болады.

– Ҳәмме өзиниң тарийхы менен мақтанады. Бирақ бизиң елимиздегидей бай өтмиш, ата-бабаларымыздай белгили уламалар ҳеш жерде жоқ. Бул мийрасты терең үйрениўимиз, халқымызға, дүньяға жеткере алыўымыз керек. Бул орайға келген адам үлкен мийрасымыз ҳаққында толық түсиникке ийе болыўы, үлкен мәнаўият алып кетиўи керек, – деген еди Шавкат Мирзиёев бул жерге алдын келгенинде.

Орайдың қурылысы ҳәм жумысының жолға қойылыўында әне усы мақсет тийкарғы өлшем етип белгиленди. Дерлик еки гектар майданда үш қабатлы көркем имарат бой тикледи. Төрт тәрепте 34 метр бийикликте үстинлер қурылды. Имараттың симметрикалық орайында үлкен шығысқа тән гүмбез орнатылады.

Мазмуны жағынан алып қарағанда, Президентимиздиң 2017-жыл 23-июньдеги қарарына муўапық, жеримиз әсирлер даўамында дүнья цивилизациясының ажыралмас бөлеги, ислам мәденияты орайларынан бири болып келгенин көрсететуғын илимий-тарийхый концепция ислеп шығылды.

Биринши қабатта музейдиң қоймаханасы, ески қол жазбалар ҳәм тарийхый естеликлерди сақлаў және реставрациялаў бөлмелери, баспа ҳәм китап дүканлары жайласады.

Екинши қабаттағы үлкен фойе орайына Усман Қураны қойылады. Сондай-ақ, бул жерде Ислам көркем өнери музейи, 435 адамға мөлшерленген конференция залы болады. Көргизбелерде Өзбекстан тарийхы дәўирлер бойынша, ҳәр бир әсир, ҳәр бир уламаға байланыслы дәреклер ҳәм дәлиллер тийкарында көрсетиледи.

Үшинши қабаттан болса дерлик 100 мың нусқа қол жазба фондына ийе китапхана, мәлимлеме-ресурс орайы, илимий кафедралар ҳәм административлик ханалар орын алады.

Президентимиздиң атап өткениндей, Ислам цивилизациясы орайы усы бағдардағы илимий мәкемелер ушын фундаменталь база болады. Бул жерде жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелери илимий-изертлеўлер алып барады, олардың нәтийжелери тийкарында энциклопедиялар, илимий-көпшилик топламлар, телекөрсетиўлер, фильм ҳәм басқа да материаллар таярланады. Өзбекстан халықаралық Ислам академиясының оқытыўшы ҳәм студентлери усы жерде келип, билимин беккемлейди.

– Бул орай әсирлер даўамында халқымызға хызмет етеди, оның  ҳәр бир нағысы тарийхқа мөрленеди. Соның ушын орайдың нағыслары, мәниси-мазмуны диний ҳәм илимий жақтан тийкарланған терең ойланған болыўы керек. Адамлар да оқып илим алатуғын, ҳәм жүректен сезинетуғын орталықты жаратыў керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Пүткил дүньядан диний уламалар, исламтаныўшылар ҳәм тарийхшы илимпазлардың қатнасыўында халықаралық әнжуман шөлкемлестирип пикирлерди үйрениў, усынысларды ислеп шығыў бойынша көрсетпелер берилди.

 

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Умар АСРОРОВ,

ӨзАның хабаршылары