Ҳәзирги ўақытта барлық район (қала)ларда «Қәдириятлар бесигисең – әзиз мәҳәллем!» сүрени астында өткерилип атырған «Мәҳәлле мениң тәғдиримде» таңлаўының аймақлық басқышлары болып өтпекте.

Усы таңлаўдың Шымбай районлық басқышы районның 8-санлы санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде өткерилди.

Таңлаўдың мақсети – жасларды үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримиз бенен мәдений мийрасымызға ҳүрмет көрсетиў сыяқлы пазыйлетлерди қәлиплестириў, оларды Ўатанға муҳаббат, садықлық руўхында тәрбиялаў болып табылады.

Таңлаў жуўмағында районның «Пәшентаў» АПЖның «Аязий» командасы 4 шәрт бойынша 216 балл топлап биринши, «Қаракөл» МПЖның «Абат мәҳәлле» командасы 198 балл топлап екинши, «Таза жол» АПЖның «Әдалат» командасы 194 балл топлап үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, Ҳүрмет жарлығы ҳәм китаплар топламы менен сыйлықланды.

«Аязий» командасына келеси республикалық басқышта қатнасыў ушын жоллама берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.