Өзбекстан «Адолат» СДП Кегейли районлық кеңеси тәрепинен районның «Жылўан жап» мәкан пуқаралар жыйынында жаңа Сайлаў кодексиниң мазмун-мәнисин түсиндириў, партияның сайлаўалды бағдарламасында белгиленген ўазыйпалар туўралы мағлыўматлар берип, үгит-нәсият илажларын әмелге асырыў мақсетинде ушырасыў өткерилди.

Жыйналғанларға Сайлаў кодекси қабыл етилиўи менен айырым нызамлардың өз күшин жоғалтқанлығы ҳәм бир қатар нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилгени мәлим етилип, өзгешеликлери атап өтилди.

– Ушырасыўда партияның жаңа сайлаўалды бағдарламасы бойынша түсиниклер берилди,-дейди партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баспасөз хаткери А.Пахратдинов.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.