Быйылғы болып өтетуғын сайлаў мүнәсибети менен орынларда сиясий партиялар тәрепинен сайлаў нызамшылығы ҳәм партиялардың жаңа сайлаўалды бағдарламаларында белгиленген ўазыйпалар туўралы кеңирек мағлыўмат бериў ушын ҳәр қыйлы акциялардың, ушырасыўлардың шөлкемлестирилиўи даўам етпекте.

«Адолат» СДП Шоманай районлық кеңеси тәрепинен райондағы «Сарманбайкөл» АПЖда гезектеги сайлаўалды ушырасыў өткерилди.

Онда Сайлаў кодекси ҳәм оған тийкарланып шығарылған нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң мазмун-мәниси терең түсиндирилип, быйылғы сайлаўлардың өзгешеликлери атап өтилди.

Партияның жаңа сайлаўалды бағдарламасында белгиленген анық ўазыйпаларға да кеңнен тоқтап өтилип, оның ҳәр бир бағдары бойынша түсиниклер берилди.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.