Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм 2018-жыл 27-июньдеги «Өзбекстан Республикасында шаңарақ институтын беккемлеў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары, сондай-ақ, 2019-жыл 11-марттағы «Пуқаралардың репродуктивлик саламатлығын сақлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қоңырат районында «Саламат шаңарақ – саламат келешек гиреўи» атамасында семинар шөлкемлестирилди. 3 күн даўамында өткерилген семинарға Қоңырат, Қанлыкөл ҳәм Мойнақ районларының ҳаял-қызлар комитети қәнигелери қатнасты.

Семинарда атап өтилгениндей, усы ҳүжжетлерге бола, Ҳаял-қызлар комитети ПҲАЖ уйымының, «Шаңарақ» орайы районлық және қалалық бөлимлериниң ҳәм ҳаял-қызлар және шаңарақ мәселелери бойынша басқа да структуралардың белсендилигин қадағалаў ҳәм муўапықластырыў жумыслары бойынша тийкарғы жуўапкер есапланады. Соған жараса, ҳаял-қызлар комитетине жуўапкершиликли ўазыйпалар жүкленди, тынышсыз ҳәм машқалалы шаңарақлар менен ислесиў жолға қойылды, барлық пуқаралар жыйынларында ҳаял-қызлар менен ислесиў ҳәм шаңарақларда руўхый әдеп-икрамлылық қәдириятларды беккемлеў бойынша қәнигелер жумыс баслады.

Бул семинар жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў, заманагөй үлгили шаңарақларды қәлиплестириў, оның руўхый-әдеп-икрамлылық тийкарлары ҳәм дәстүрий шаңарақлық қәдриятларын беккемлеў бойынша мақсетли жумыслар алып барыў, ерте некелердиң, шаңарақлардағы келиспеўшиликлер менен ажырасыўлардың алдын алыў тараўларында кадрлардың маманлығын арттырыў ҳәм оларды қайта таярлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың бири болып табылады.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.