9-класс оқыўшысы 34 ҳәптелик ул перзентти дүньяға келтирди. Бул бойынша Өзбекстан Республикасы ЖКниң 128-статьясы 1-бөлими менен жынайый ис ашылып, ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

14-ноябрь күни Жиззақ қаласы «Маданият» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны, Жиззақ қалалық 5-санлы орта мектептиң 15 жасар оқыўшысы денсаўлығының төменлегини себепли Республикалық қыстаўлы тез жәрдем илимий орайының Жиззақ филиалына мүрәжат етеди, деп жазады  QALAMPIR.UZ дың берген мағлыўматына сүйенип aniq.uz сайты.

РҚТЖИОның Жиззақ филиалында оның ҳәмиледар екенлиги белгили болды. Оған Жиззақ ўәлаятының Перинатал орайына жоллама берилген ҳәм сол күни 34 ҳәптелик ул перзентти дүньяға келтирген.

Жүз берген жағдай бойынша 19-ноябрь күни Жиззақ қаласы Тергеў департаменти тәрепинен Өзбекстан Республикасы ЖКниң 128-статьясы 1-бөлими менен жынайый ис ашылып, ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги