2019-жыл 1-декабрьден баслап күтилип атырған айырым өзгерислерди итибарыңызға усынамыз.

Салық уйымларының бирден-бир система енгизиледи

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Салық ҳәкимшилигин жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы 10.07.2019-жылдағы ПҚ-4389-санлы қарарына муўапық, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитети Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-декабрьге шекем бухгалтериялық есапты әмелге асырыў ҳәм салық төлеўшилер және салық уйымлары арасында реал ўақыт режиминде мағлыўматлар алмасыў имканиятын беретуғын, салық есаптын тапсырыў системасы менен интеграцияланған бухгалтериялық есаптың бирден-бир мәлимлеме системасын ислеп шығыўы ҳәм енгизилиўи белгиленген.

Күшли тәсир етиўши дәри-дәрмақлар арнаўлы лицензияға ийе дәриханалар тәрепинен реализацияланады.

Президенттиң «Дәри-дәрмақлардың нызамсыз айланысының алдын алыў илажларын күшейтиў ҳаққында»ғы ПҚ – 4438-санлы қарарына муўапық, 2019-жыл 1-декабрьден баслап Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын күшли тәсир етиўши қураллардың дизимине киргизилген өз алдына дәри-дәрмақлар буйым-муғдар жағынан есапқа алыныўы керек ҳәм олардың усақлап сатыў реализациясы (берилиўи) тек ғана жәмийетлик дәриханалар, сондай-ақ, нәшебентлик қураллар ҳәм психотроп затларды сақлаў және реализациялаў (бериў) жумысына лицензиясы бар болған дәриханалар тәрепинен әмелге асырылады.

«Реклама ҳаққында»ғы нызамның жаңа редакциясының жойбары ислеп шығылады

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 11-сентябрьдеги ПП-5817-санлы пәрманы менен тастыйықланған 2019-2020-жылларда тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм реклама базарын тәртипке салыў тараўында әмелге асырылатуғын илажлар бағдарламасының 2-бәнтине муўапық Монополияға қарсы гүресиў комитети тәрепинен жаңа редакциядағы «Реклама ҳаққында» нызам жойбарының ислеп шығылыўы белгиленген.

Объектлерди баҳалаўдың бирден-бир миллий стандартлары тастыйықланады

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 1-июльдеги ПҚ-4381-санлы қарары менен Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине Әдиллик министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-декабрьге шекем ең жақсы сырт ел әмелиятын есапқа алған ҳалда, баҳалаўдың халықаралық стандартлары принциплери тийкарында, мүлкшилик түрине қарамастан объектлерди баҳалаўдың бирден-бир миллий стандартларын тастыйықлаў илажларын көриў ўазыйпасы жүкленген.

Шегаралас мәмлекетлердиң қалалары арасында транспорт байланысларын тәмийинлеў бойынша реже ислеп шығылады.

Президенттиң «Өзбекстан Республикасында туризм тараўын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы 13.08.2019-жылдағы ПП-5781-санлы Пәрманында Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги «Өзбекстан темир жоллары» АЖ менен биргеликте 2019-жыл 1-декабрьге шекем халықаралық аэропортлар жолаўшыларына қолайлы логистика транспорт байланысларын (автобус ҳәм темир жол қатнаўлары) тәмийинлеў бойынша реже ислеп шығыўы керек екенлиги белгиленген.

Булар ҳаққында aniq.uz сайты хабар берди

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги