Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң басламасы менен Нөкис қурылыс колледжиниң алдында педагог хызметкерлер ушын арзанластырылған баҳадағы аўыл хожалығы ҳәм санаат өнимлериниң ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министриниң биринши орынбасары А.Умаров, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, ҳәзирги күндеги мектеплерде жанкүйерлик көрсетип балаларға тәлим-тәрбия берип атырған муғаллимлердиң мийнетине жоқары баҳа берди. Президентимиздиң басламасы менен тараўда әмелге асырылып атырған реформалар, педагог-муғаллимлерге көрсетилип атырған ғамхорлықлар, жаратылып берилген шараятлардың барлығы елимиздиң келешеги болған жасларымыз ушын екенлиги атап өтилди.

Ярмаркадағы азық-аўқат өнимлери пластикалық карта ҳәм нақ пулға сатылды.

– Бүгинги ярмарка муғаллимлер ушын биринши мәрте шөлкемлестирилди. Мен үйим жақын болғанлығы ушын ярмарканы көрип кетейин, деп келген едим,-дейди қарыйдар Г.Жақсымуратова. – Арзан баҳада мәйек, картошка, пияз, палаўқабақ, сүт сатып алдым. Ярмарканы шөлкемлестиргени ушын шөлкемлестириўшилерден миннетдармыз.

Ярмаркада жигирмаға шамалас саўда мәкемелери қарыйдарлар хызметинде болып, олар тәрепинен 25 түрдеги азық-аўқат ҳәм санаат өнимлери сатылды.

Еслетип өтемиз, быйыл «1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен педагог хызметкерлердиң жеңиллетилген тәризде автомобиль сатып алыўы ушын арнаўлы акция өткерилип, оған республикамыздан 200ге шамалас муғаллим қосылған еди.

Илажда 5 педагогқа усы акция шеңберинде сатып алынған дәслепки автомобильлер тапсырылды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

(автордың түсирген сүўретлери)