Усы жыл 19-ноябрь күни Нөкисте Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийетиниң (GIZ)  «Өзбекстан Республикасының айырым регионларында экономиканы турақлы раўажландырыў» бағдарламасы шеңберинде республикамызда туризмди раўажландырыў ҳәм оның имканиятларына бағышланған ушырасыў болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Ҳәбийбуллаев, Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының баслығы Б.Қосекеев, Германия бирге ислесиў жәмийетиниң (GIZ) «Өзбекстан Республикасының айырым регионларында экономиканы турақлы раўажландырыў» бағдарламасы баслығының орынбасары Никлас фон Шуман шығып сөйлеп, елимизде, соның ишинде республикамызда туризмди раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети менен биргеликте республикамыздың туристлик потенциалын раўажландырыў, усы тараўда мийнет етип атырған шөлкемлердиң жумысларын жетилистириў бойынша бир қатар илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылмақта.  Бүгинги күни Қарақалпақстан Республикасы тийкарынан Нөкис қаласындағы И.В.Савицкий атындағы көркем өнер музейи ҳәм Арал теңизи, яғный Мойнақ районындағы корабльлер қойымшылығы бағдары бойынша кеңнен белгили.  Соның менен бирге, үлкемизде тарийхый, зыярат ҳәм орнитолог ҳәм басқа да туризм бағдарларын раўажландырыў ушын кең мүмкиншиликлер бар.

«Өзбекстан Республикасының айырым регионларында экономиканы турақлы раўажландырыў» бағдарламасы елимиздиң тоғыз регионында бағшылық, шарўашылық, балықшылық ҳәм институционаллық раўажланыў бойынша жумыс алып бармақта. Бул бағдарлама республикамызда туризм тараўы менен шуғылланатуғын мәкемелерди қоллап-қуўатлаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, туристлерге көрсетилип атырған хызметтиң сапасын арттырыўға хызмет етеди.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.