Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде  коррупцияға қарсы гүресиў бойынша шығармалар таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими өткерилди.

Таңлаў Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик, Халық билимлендириў министрлиги, Прокуратура, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм басқа да тийисли шөлкемлер менен биргеликте үш басқышта өткерилген еди.

Таңлаў улыўма билимлендириў мектеплеринде, лицейлерде ҳәм колледжлерде оқыйтуғын оқыўшылар ҳәм жоқары оқыў орынларының студентлери арасында, еки топарға бөлинген ҳалда өткерилип, дәслепки басқышларында 954 оқыўшы ҳәм 328 студент қатнасты.

Олар тәрепинен «Коррупция ҳәм мен» атамасында шығармалар жазылып, соннан улыўма билим бериў мектеплериниң, лицей ҳәм колледжлердиң оқыўшылары арасынан 48и, жоқары оқыў орынларының студентлери арасынан 27си таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышына жоллама алды.

Таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышында, биринши топардан  Нөкис қаласындағы 46-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы Тамара Скрипкина биринши, Қоңырат районындағы 52-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы Дилназа Жалғасбаева екинши, Қанлыкөл районындағы 24-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Нәўбәҳәр Дәрибаева үшинши орынды ийеледи. Екинши топардағылардан, Қарақалпак мәмлекетлик университети студенти Турдыбек Наўрызбаев биринши, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты студентлери Тоҳир Ешназаров екинши, Моҳира Напасова үшинши орынға ылайық, деп табылды.

Сыйлықлаў мәресиминде шөлкемлестириўшилер тәрепинен жеңимпазларға естелик саўғалар тапсырылып, оларға таңлаўдың Өзбекстан Республикалық басқышында қатнасыў ушын жоллама берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.