Әмиўдәрья районында Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен «Бирмиз. Қолды қолға беремиз!» сүрени астында гезектеги үгит-нәсият илажы өткерилди.

Үгит-нәсият илажында шығып сөйлегенлер быйылғы сайлаў кампаниясына «Жаңа Өзбекстан. Жаңа сайлаўлар!»  сүрени астында старт берилип, бул процесс жаңа Сайлаў кодекси тийкарында өткерилип атырғанын атап өтти.

Илажға белсене қатнасқанларға партияның естелик саўғалары тапсырылды ҳәм партия қатарына жаңа ағзалар қабыл етилди. Қатнасыўшыларға «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының идеялары, сайлаўалды Платформасында белгиленген ўазыйпалар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Сайлаўалды үгит-нәсиятлаў илажы шеңберинде жергиликли өнермент усталардың, шебер тигиўшилердиң өнимлеринен, район тарийхы ҳәм бүгинги күндеги жетискенликлери сәўлеленген көркем сүўретлеў өнери үлгилеринен ибарат көргизбе шөлкемлестирилди.

Илаж даўамында көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.