Усы жылдың 18-ноябринен баслап белгили актёр Жерар Депардье Өзбекстан ҳаққында сөз ететуғын ҳүжжетли фильмде сүўретке түсиў мақсетинде республикамызда мийман болмақта. Елликқала районындағы «Аязқала» тарийхый орнында ҳәм пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде фильмди сүўретке алыў жумыслары әмелге асырылды.

Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети «B-Tween» француз компаниясы менен биргеликте «Paris Premiere» телеканалы ушын сүўретке алынып атырған бул картина 2020-жылдың февраль айында француз талаканалларында көрсетиледи.

Ҳүжжетли фильмде бас қаҳарман – Жерар Депардьениң Өзбекстан бойлап саяхат етиў даўамында алған тәсирлери арқалы тамашагөйлерге республикамыз жаңа ракурсларда баян етиледи. Фильм дөретиўшилери дәстүрий шаблонлардан узақласқан ҳалда елимиздиң бурын иззертленбеген, француз тамашагөйлери ушын жаңалық болатуғын ҳәм сырлы тәреплерин ашып бериўге ҳәрекет етпекте.

«Жерар Депардьениң саяхаты» атлы ҳүжжетли фильмди сүўретке алыў Ташкент, Самарқанд, Бухара, Хийўа, Термиз қалаларында 26-ноябрьге шекем даўам етеди.

Келешекте Өзбекстан кинодөретиўшилери «B-Tween» француз компаниясы менен биргеликте «Темурлан» тарийхый көркем фильмин сүўретке алыўды режелестирмекте.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.