UzAuto Motors компаниясы автомобильлер ушын жаңа реңлерди қолланыўды баслағанын мәлим етти,  деп жазады kun.uz сайты.

Атап өтилиўинше, жаңа реңлер автомобильлердиң барлық модельлери ушын енгизилген болып, оларға шәртнама дүзиў ҳәзирден басланған.

Модельлер қатарына жаңа GYM (ашық күлрең) ҳәм GUM (тойғын реңли пируза) реңлери киргизилди. Жаңа реңлер алдын ислеп шығарылған GJT (жасыл) GQM (тойғын көк) реңлердиң орнына енгизилмекте.

«Автомобильлердиң жаңа реңлери менен сиз өзиңиздиң бийтәкирарлығыңызды көрсетиў имканиятыңыз болады», – делинеди компанияның хабарында.

2019-жылдың июль айында өткерилген пресс-тур шеңберинде автомобильлерге жаңа реңлердиң енгизилетуғыны ҳаққында хабар берилген еди. Жаңа реңлер қарыйдарлардың буйыртпасы тийкарында ислеп шығарылады ҳәм 2019-жылдың ақырында жеткерип бериле басланады. Арнаўлы реңлердеги автомобильлерге дилерлер тәрепинен буйыртпалар қабыл етилиўи басланған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги