Атап өтилиўинше, мәмлекеттиң келеси жылға мөлшерленген бас финанслық режесинде 75 проценттен көбирек қаржылар социаллық тараўға бағдарланатуғыны нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, айлық мийнет ҳақылар, пенсиялар, мәмлекетлик напақалар, студентлердиң стипендиялары 10 процентке көбейтилетуғыны режелестирилген, деп жазады uza.uz сайты Түркменстан Мәмлекетлик Хабарлар агентлигиниң берген мағлыўматына тийкарланып.

Түркменстан Мәмлекетлик Хабарлар (ТМХ) агентлигиниң хабар етиўинше мәмлекеттиң 2020-жылға мөлшерленген мәмлекетлик бюджет жойбары 15-ноябрь күни болып өткен ҳүкиметлик мәжилисте жәрияланды.

Есабатта келеси жылға мөлшерленген мәмлекетлик бюджеттиң муғдары көрсетилмеген.

Буннан тысқары, Түркменстан ҳүкимети усы жылдың 10 айының жуўмақларына бола, мәмлекет миллий экономикасының турақлы раўажланып атырғаны ҳаққында баянат берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги