«Ўзтрансгаз» автотранспорт ийелерине мүрәжат пенен шықты. Бул ҳаққында акционерлик жәмийеттиң баспасөз хызмети тәрепинен берилген хабарында айтылған.

Атап өтилиўинше жақын күнлерде республикамыздың барлық аймақларында ҳаўа-райының кескин төменлеўи күтилмекте.

Халықтың социаллық әҳмийетке ийе объектлериниң, сондай-ақ, республиканың ыссылық, электр-энергиясын ислеп шығарыўшы кәрханаларының тәбийғый газге болған талабы күнниң кешки ўақытларында (саат 17-00 ден 22-00 ге шекем) оғада көбейип кетеди ҳәм бул газ тәмийнаты системасында айырым машқалаларды келтирип шығарыўы мүмкин.

Хабарда «Ҳүрметли автотранспорт ийелери күнниң кешки ўақытларында (саат 17-00 ден 22-00 ге шекем) халыққа, социаллық әҳмийетке ийе объектлерге, сондай-ақ республиканың ыссылық, электр-энергиясын ислеп шығарыўшы кәрханаларға тәбийғый газдиң максимал дәрежеде жеткерип берилиўин есапқа алып, Сизлерден автомашиналарыңызға газ жанылғысын қуйыўда усы ўақытлар аралығында жүзеге келиўи мүмкин болған жағдайларға түсинген ҳалда мүнәсибетте болыўыңызды сораймыз», делинеди.

Сондай-ақ, «Ўзтрансгаз» АЖ тутыныўшыларды тәбийғый газ бенен тәмийинлеўдеги үзилислердиң алдын алыў ушын барлық илажларды көретуғынын да мәлим етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги