Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

Өзбекстан «Адолат» СДП Қанлыкөл районлық Кеңеси райондағы «Бахытлы» дем алыў орайында «Әдиллик ҳәр бир инсан ушын» сүрени астында мәдений-кеўил ашар акциясын шөлкемлестирди.

Илажда шығып сөйлегенлер, быйылғы сайлаўларда партия алдына қойылып атырған – коррупцияны сапластырыў, суд-ҳуқық системасын және де тереңлестириў ҳәм халыққа көрсетилип атырған медициналық жәрдемниң бийпул болыўына ерисиў сыяқлы ең әҳмийетли ўазыйпалар туўралы мағлыўматлар берди.

Акцияда партияның «Жас әдалатшы» ҳәм «Ҳаял-қызлар қанаты»ның ўәкиллери шығып сөйлеп, партия жумысларына байланыслы видеокөринислер қойып берилди. Қатнасыўшылар менен тиккелей сәўбетлесиўлер өткерилди.

Сондай-ақ, акция шеңберинде интерактив ойынлар, саўғалы викториналар шөлкемлестирилип, жеңимпазлар сыйлықланып барылды.

Акция концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.