Қошқар Нарқабыл, шайыр,

Өзбекстанға хызмет көрсеткен журналист

 

Ай ҳәм жулдыз қонған журтым байрағы,

Жәҳән әйўанына қадалған шағы –

Темурдың даўрығы оралды қайтып,

Дүнья сәлем берди атыңды айтып.

 

Қарасақ, самалды оятқан аспан

тымсалы шад етер қарағымызды.

Пәрўардигар, бәрҳа бәлентте сақла,

Жерге түсирме ҳеш байрағымызды.

 

Аўдарған: Б.Нурабуллаев

Қарақалпақстан хабар агентлиги