Нөкис қаласының орайлық майданында елимиздиң мәмлекетлик байрағы қабыл етилгениниң 28 жыллығына бағышланған байрам илажы болып өтти.

Байрам орайлық көше бойлап байрақларымызды бәлент көтерген Миллий гвардия атлы әскерлериниң, автомото ҳәм велоспортшылардың сап тартып жүриўи менен басланды.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев шығып сөйлеп, жыйналғанларды ғәрезсиз елимиздиң тарийхындағы қутлы сәне- мәмлекетлик байрақ ҳаққындағы Нызам қабыл етилгениниң 28 жыллығы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қутлықлады.

Атап өтилгениндей, ҳәр бир инсанды уллы ислерге баслаўда, кеўиллерде миллий мақтаныш сезимлерин оятыўда мәмлекетлик нышанлар айрықша әҳмийетке ийе. Соның ишинде, мәмлекетлик байрағымыз жақсылық,  данышпанлық, пәклик, садықлық, гөззаллық, тынышлық, жаңаланыў сыяқлы түсиниклерди өзинде жәмлеўи менен айрықша әҳмийетке ийе. Солай екен, елимиздиң байрағын көздиң қарашығындай сақлаў, оны улығлаў ҳәм бәлентлерге көтериў ҳәр биримиз ушын Ўатан алдындағы миннетимиз болып табылады.

Бүгин мәмлекетимиздиң барлық жерлеринде  кең белгиленип атырған мәмлекетимиздиң байрағы қабыл етилген күн ғәрезсизлигимизди буннан былай да беккемлеўде, өзиниң раўажланыў жолын белгилеўде исенимли қәдем болыўы менен бирге, халқымыздың еркин ҳәм азат, бахытлы және абадан турмыс кешириўинде арзыў-әрманлары орынланған, уллы келешекке қарай үлкен исенимди өзинде жәмлеген күн сыпатында кеўиллеримизден терең орын ийелейди. Әсиресе, елимиз раўажланыўының пүткиллей жаңа басқышқа өткен, түрли тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылып, үлкен табысларға ерисип атырған, халықаралық жәмийетшиликте абырайы артып баратырған соңғы жылларда бул күнниң әҳмийети артып бармақта. Жасларымыздың халықаралық илажларда, спорт жарысларында елимиздиң байрағын бәлент көтериўи ҳәр бир Ўатанласымыздың кеўиллеринде мақтаныш сезимлерин оятады.

Илажда Муқимий атындағы Өзбекстан мәмлекетлик музыкалы театрының директоры, Өзбекстан халық артисти М.Азизов, республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қ.Юсупов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик универсетитетиниң магистранты  С.Утебаев жыйналғанларды елимиз байрағы қабыл етилген күн менен қутлықлады.

-Миллий байрағымыз биз спортшыларға айрықша күш-қуўат ҳәм жигер бағышлайлы,-дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик универсетитиниң студенти Шаходат Ерназарова.-Баскетбол менен алты жылдан берли турақлы шуғылланып киятырман. Өткен жыллар ишинде Қарақалпақстан сайланды командасының қурамында Германия, Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан мәмлекетлеринде болып өткен жарысларда қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп қайттық. Алдағы ўақытларда да елимиздиң байрағын бәлент-бәлентлерге көтериўге ҳәрекет етемиз.

Байрам қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.