Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң қәнигелери Мәмлекетлик салық басқармасында сайлаўға байланыслы мәселелерге бағышланған ушырасыў өткерди.

Онда Өзбекстан Республикасы «Сайлаў кодекси»ниң мазмун-мәниси терең түсиндирилип, сайлаўларды өткериў тәртиби туўралы мағлыўматлар берилди.

– Сондай-ақ, илажда Өзбекстан Республикасы Президентин, Сенат ағзаларын, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң депутатларын сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы мүнәсибетлерди тәртипке салыў ҳаққында түсиниклер берилип, сайлаўшылардың ҳуқықлары атап өтилди,-дейди басқарманың жәмийетшилик пенен байланыслар ҳәм ҳуқықый мәлимлеме секторы баслығы М.Мершиева.

Мәмлекетлик салық уйымларының хызметкерлери де сайлаўларда белсендилик көрсетип, өз ҳуқықларынан пайдаланған ҳалда өзлери мүнәсип деп есаплаған талабанларға даўыс береди, деп исенемиз.

Ушырасыў қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.