Ҳәзирги күнлери усы сораў көпшиликти қызықтырып атыр. Сонлықтан, биз тийисли жуўапкер хызметкерлер менен ушырасып, оған жуўап табыўға ҳәрекет еттик.

Пропан газ қуйыў станциялары жаўылмайды екен. Тек олардың қурылысы ушын жер ажыратыў тоқтатылады.

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 11-сентябрьдеги «Автомобиллерди газ толтырыў компрессорлық станциялар тармақларын раўажландырыў, автотранспорт қуралларының басқышпа-басқыш қысылған тәбийғый газге өтиўи, сондай-ақ газбаллон үскенелеринен пайдаланыўдың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Қарарында усы ҳаққында ўазыйпалар белгиленген.

– Бул жумысларды әмелге асырыўдан тийкарғы мақсет – автотранспорт қуралларын үзликсиз түрде экологиялық жақтан таза жанылғы менен тәмийинлеў ҳәм оларға орнатылған газбаллон үскенелеринен пайдаланыўда қәўипсизликти тәмийинлеў, дизелли ҳәм бензинли жанылғыларды қысылған газ метан бенен алмастырыўды кеңейтиў, республикамыздың жол ҳәм транспорт инфраструктурасын еле де раўажландырыў болып есапланады.

Усы қарар тийкарында аўыл хожалығы техникаларын қысылған газ бенен ислеўин басқышпа-басқыш әмелге асырыў бойынша жумыслар исленеди. Тәбийғый жанар газ ресурслары халықтың күннен-күнге өсип баратырған талабын қанаатландырыўға бағдарланады. Тийисли министрликлер менен ведомстволардың қадағалаўында СПГ-2 (сжатый природный газ) типиндеги баллонлардан пайдаланыўшы автотранспортлардың саны азаяды.

2017-2019-жылларда юридикалық ҳәм физикалық шахсларға тийисли болған автотранспорт қураллары қысылған газге метанға өткериледи.   Сондай-ақ, аймақлар бойынша жаңадан қысылған газ толтырыўшы компрессорлық станциялар қурылады. Қысылған газ толтырыўшы автомобиль баллонларын ислеп шығарыў көлеми кеңейеди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Жанылғы энергетика, коммунал хожалығы ҳәм абаданластырыў мәселелери бойынша секретариат баслығы М.Әметов.

Усы қарар бойынша басқа да бир қатар жумыслар әмелге асырылады. Бул өз гезегинде, халықтың газ бенен тәмийинлениўин жақсылаўға, транспорт қуралларының қәўипсиз қысылған газге өтиўин тәмийинлеўге, экологиялық турақлылықты сақлаўға хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги