Нөкисте «Өзбекистанның арқа районларындағы аўыллық жерлериниң ықлымға шыдамлылығын тәмийинлеў мақсетинде аўыл хожалығында ресурс тежеўши технологияларды қолланыў» темасында көргизбели семинар болып өтти.

Илаж Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги жанындағы гидрометеорологиялық хызмет орайы (Өзгидромет) менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Өзбекистандағы Раўажландырыў Бағдарламасының биргеликтеги «Өзбекистанның қурғақшылық районларында жайласқан фермер ҳәм дийқан хожалықларының ықлымға шыдамлылығын тәмийинлеў» жойбары шеңберинде өткерилди.

Атап өтилгениндей, Пүткилжәҳән экономикалық форумы тәрепинен жәрияланған усы жылы жүз бериўи мүмкин болған бес тийкарғы  глобал қәўип-қәтерлер арасында экстремальлық ҳаўа-райы жоқары орында турады. Соның ишинде ықлым өзгериўи процесиниң унамсыз ақыбетлери елимиздиң барлық аймақларында айрықша көзге тасланбақта. Мине усы машқаланың алдын алыўға қаратылған жоқарыдағы жойбар 2014-жылдан бери республикамыздың Мойнақ, Қанлыкөл, Тахтакөпир, Кегейли ҳәм Шымбай районларында әмелге асырылмақта.

Жойбар атап өтилген районларда ықлым өзгериўине бейимлесиў илажларын ислеп шығыў, оны әмелге асырыў ҳәм әмелиятқа кеңнен енгизиўге бағдарланған. Семинар қатнасыўшыларына бул бағдарда әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар, соның менен бирге халықтың турмыс дәрежесине, қоршаған орталыққа ҳәм экономикаға сезилерли дәрежеде кери тәсир ететуғын  қурғақшылықтың алдын алыў системалары туўралы мағлыўмат берилди.

Суў ресурслары ҳәм экстремаллық ҳаўа-райы шараятлары туўралы өз ўақтында хабардар болыў аўыл хожалығында ықлым өзгериўи менен байланыслы машқалалардың алдын алыў имканиятын береди.  Әсиресе бизиң регионымыз ушын инновациялық технологияларды қолланыў оғада әҳмийетли. Бундай технологиялар Мойнақ ҳәм Шымбай районларындағы тәжирийбе атызларында сынақтан өткерилмекте.

Ҳәр қандай тараўға заманагөй технологияларды нәтийжели енгизиўде мәсләҳәт орайлары айрықша хызмет атқарады. Фермер хожалықларын турақлы жүргизиўди тәмийинлеў тәжирийбеси Ташкент  мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы жанындағы фермерлерди таярлаў орайы мысалында көрсетилди. Жойбарды әмелге асырыў шеңберинде орайға зәрүр оргтехникалар, тарқатпа материаллар, топырақтың ығаллық ҳәм шорланыў дәрежесин анықлайтуғын еки комплект үскене берилди. Буннан тысқары, ықлым өзгериўине бейимлесиў илажлары бойынша мәсләҳәт хызметин көрсетиўши төрт орай дүзилди.

Бул бағдардағы алдыңғы халықаралық тәжирийбелер менен таныстырыў ҳәм билимлерди үгит-нәсиятлаў жойбардың тийкарғы мақсетлеринен бири болып табылады. 2014-2017-жыллар даўамында усы мақсетте орынларда 25 мәрте оқыў семинары менен конференциялар өткерилип, онда аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги, тоғай хожалығы қәнигелери, дийқан, фермер ҳәм бағманлардан ибарат 50 мыңнан аслам ўәкил қатнасты.

Аўыл хожалығында агро ҳәм суўды тежеўши технологияларды қолланыў аўыллық жерлердиң ықлымға шыдамлылық дәрежесин арттырады. Бүгинги күни бундай технологиялар Кегейли ҳәм Шымбай районларында 22  гектар майданда сынақтан өткерилмекте. Оннан пайдаланыў усыллары бойынша 500 ден аслам фермер оқытылды. Соның менен бирге, жерлерди лазер жәрдеминде тегислеў технологиясы кеңнен қолланылмақта. Жойбар шеңберинде Мойнақ, Қанлыкөл, Тахтакөпир, Кегейли ҳәм Шымбай районларына усындай 7 комплект үскене алып берилип, оның жәрдеминде 460 гектар жер майданы сынақтан өткерилди. Тәжирийбениң көрсеткениндей, бул технология ҳәр 5-6  жылда бир мәрте қолланылып, 25-30 процент суўды үнемлеў имканиятын береди.

Илажда қәнигелер сондай-ақ, жерлердиң деградациясы ҳәм шөлистанлыққа айланыў дәрежесин азайтыў бағдарында тоғай хожалықлары менен бирге ислесиўдиң әҳмийетине тоқтап өтти.

Улыўма алғанда, жойбар шеңберинде әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар бүгинги күнниң әҳмийетли машқалаларынан бири болған ықлым өзгериўиниң аўыл хожалығына унамсыз ақыбетлериниң алдын алыўға, бул бағдарда фермерлердиң билим және көнликпелерин арттырыўға, экономикалық жақтан турақлылығын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.