«Айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киригизиў ҳаққында»ғы Нызамға Президент тәрепинен қол қойылды (ӨРН-584-санлы 14.11.2019 ж.), деп жазады «Ҳуқуқий ахборот» телеграмм каналы.

«Жерлеў ҳәм жерлеў иси ҳаққында»ғы Нызамға киргизилген өзгерис бойынша, қайтыс болған шахсты жерлеў ушын напақа ендигиден былай Мәмлекетлик бюджет тәрепинен бериледи.

Бурын Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорының қаржылары есабынан берилген.

Нызам рәсмий жәрияланған  күннен баслап күшке киреди.

Нызам менен 10 нан аслам нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизилди.

Атап айтқанда, әмелге асырылыўы ушын лицензия талап етилетуғын хызмет түрлериниң дизими төмендеги еки хызмет түри менен толтырылды:

-Төлем системасы операторларының хызмети;

-Төлем шөлкемлериниң хызмети.

Сондай-ақ, «Шығындылар ҳаққында»ғы Нызам утилизация жыйымын нәзерде тутатуғын статья менен толықтырылды.

Оған муўапық, экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў, пуқаралардың денсаўлығын ҳәм қоршаған орталықты транспорт қуралларынан келип шығатуғын шығындылардың зыянлы тәсиринен қорғаў мақсетинде утилизация жыйымы төленеди.

Нызамның төлем системасы операторлары ҳәм төлем шөлкемлери хызметиниң лицензияланыўына байланыслы бөлеги «Төлемлер ҳәм төлем системалары ҳаққында»ғы Нызам күшке кирген күннен баслап әмелге киргизиледи.

Утилизация жыйымы нәзерде тутылған нормалар усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап үш ай өткеннен кейин әмелге киргизиледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги