Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалында, ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси «Жаслар қанаты»ның басламасы тийкарында партияның 16 жыллығы мүнәсибети менен «Сайлаў ҳәм жаслар» атамасында ушырасыў өткерилди.

Илажда сайлаўлардың әҳмийети түсиндирилип, Сайлаў кодексинде белгиленген тәртип-қағыйдалар, партияның жаңа сайлаўалды бағдарламасы туўралы мағлыўматлар берилди. Жаслардың сайлаўлардағы белсендилигин арттырыў мәселесинде пикир-усыныслар билдирилди.

  • Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы 2003-жыл 15-ноябрьде шөлкемлестирилген болып, быйыл оған 16 жыл болды,-дейди партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң аппарат басшысы Ш.Өтемисов. – Партиямыз быйылғы сайлаўларға үлкен жуўапкершилик пенен қарамақта.

Ушырасыўда жаслардың сиясий процесслердеги белсендилигин арттырыў мақсетинде институттың студент-жаслары менен «ӨзЛиДеП билимданы» интеллектуаллық ойынлары өткерилип, партияның идеялық мақсет ҳәм ўазыйпаларын үгит-нәсиятлаўда белсендилик көрсеткен жаслар партия тәрепинен Ҳүрмет жарлық ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Илажда партияға жаңадан ағза болған институт студентлерине ағзалық билетлери тапсырылды.

  

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.