Дүнья көлеминде шекленген ресурслар машқаласын шешиў, арзан шийки затлардан үнемли пайдаланыў ҳәм қоршаған орталықтың патасланыўына қарсы гүресиў мақсетинде 1997-жыл 15-ноябрь – «Пүткил дүнья жүзилик қайта ислеў күни» сыпатында жыл календарына киргизилген.

СОНДАЙ-АҚ УСЫ СӘНЕДЕ…

Бразилияда «Республика күни»

Палестинада «Ғәрезсизлик күни»

Қазақстанда «Миллий валюта күни»

Японияда «Сити-го-сан» миллий байрамы белгиленеди.

БҮГИН ТАРИЙХТА НЕЛЕР ЖҮЗ БЕРГЕН?

1811-жыл – Санкт-Петербургта кәмбағаллар ушын Қәўендерлик кеңеси шөлкемлестирилди.

1904-жыл – Америкалы Кинг Кемп Жиллетт тәрепинен ойлап табылған алмастырылатуғын пышақлы сақал алғышы ушын патент берилди.

1964-жыл – АҚШтың Невада штатында «Bonanza Airlines» компаниясына қараслы «Fairchild F-27A» маркалы самолётының апатшылығы ақыбетинде борттағы 29 адам қайтыс болды.

1968-жыл – Грецияда жеке еркинликти шеклеўи ҳаққындағы статья киргизилген жаңа конституция күшке кирди.

1971-жыл – «Intel» компаниясы өзиниң биринши микропроцессорларын сатыўға қойды.

1978-жыл – Шри-Ланкада «Loftleidir HF» компаниясына қараслы самолёттың апатқа ушыраўы ақыбетинде 183 адам қайтыс болды.

2003-жыл – Стамбулдағы терроршылық ҳәрекети ақыбетинде 28 адам қайтыс болды.

 

ӨзА