Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

Не ушын 18 жас сайлаў жасы сыпатында қабыл етилген? Қәнигелердиң пикиринше, бул жаста пуқараларымызда сиясий көзқарас пайда болып, мәмлекетлик көлемде жүз берип атырған процесслерге өз қатнасықларын билдире алыў қәбилети қәлиплеседи. Бул жасқа келип ҳәр бир жас улыўма 11 жыллық тәлимди тамамлаған, 16 жасында пуқаралық паспортына ийе болған, физикалық ҳәм руўхый жақтан, сондай-ақ, ҳуқықый жақтан ер жеткен, деп есапланады.

Усы жерде мағлыўмат сыпатында соны да айтыў керек, быйылғы сайлаўда қатнасатуғын сайлаўшылардың 55,2 процентин, яғный 11 миллион 371 мыңнан зыятын 30 жасқа шекемги жаслар, 2 миллионға шамаласын сайлаўға биринши мәрте қатнасатуғын сайлаўшылар қурайды.

Ҳәр бир жас өз тәғдирин журт тәғдири менен байланыстыра отырып, ондағы сиясий процесслерде белсендилик көрсетиўи, мәмлекеттиң раўажланыўында мүнәсип талабанды сайлаў арқалы қатнасыўы үлкен әҳмийетке ийе.

Сайлаўшылар даўыс бериў имаратына кирип, ең дәслеп сайлаў комиссиясы ағзасына өз шахсын тастыйықлаўшы хүжжетин көрсетеди ҳәм сайлаўшылар дизиминен өз фамилиясын, атын таўғаннан соң қол қояды. Соннан кейин оған сайлаў бюллетени бериледи.

Өз мәмлекети ҳәм онда жүз берип атырған жәмийетлик-сиясий ўақыяларға бийпәрўа болмаған, өз тәғдирин мәмлекет тәғдири деп билген ҳәр бир жас сайлаўларда белсене қатнасады. Биз, болажақ сайлаўда жасларымыздан белсендилик күтип қаламыз.

 

С.Утебаев,

ҚМУ Мәмлекетлик басқарыў ҳәм ҳуқық қәнигелигиниң 1-курс магистранты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.